Telegram karinform

Жәмийет

  • 30.08.2021 12:07
  • 1464

ҒӘРЕЗСИЗЛИК – ҮШИНШИ РЕНЕССАНС ДӘЎИРИНИҢ БЕККЕМ ТАЯНЫШЫ

ҒӘРЕЗСИЗЛИК – ҮШИНШИ РЕНЕССАНС ДӘЎИРИНИҢ БЕККЕМ ТАЯНЫШЫ
Ҳәзирги күнде гүллән халқымыз, бәршемиз ушын ең әзиз ҳәм ең қәдирли болған Ғәрезсизлик байрамын «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық» сүрени астында мүнәсип күтип алыў ҳәм де шөлкемлескенлик пенен өткериўге таярлық көрмекте.

Ўатан түсинигине гөззал, әзиз, муқаддес, бийтәкирар сыяқлы тәрийплер ислетиледи, лекин қашан бул илаҳый сөздиң алдынан Ғәрезсиз деген сөз ислетилсе ғана бул тәрийплер ҳақыйқый көринисин табады.

Дәреклерде көрсетилип өтилиўинше бүгинги күнде дүньяда 3 мыңнан аслам халық, 6 мыңға жақын ҳәр қыйлы тиллер бар. Лекин, дүнья картасына нәзер тасласақ, 218 мәмлекетти көриўимиз мүмкин. Мине, дүнья картасында өзиниң хақыйқый мәмлекетлик белгилерине ийе болған Өзбекстан деген Ғәрезсиз мәмлекеттиң пайда болғанына 30 жыл болды. Бүгин мәмлекетимиз тарийх ушын қысқа дәўир, 30 жасқа толған болыўына қарамастан өткен дәўир даўамында жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында жаңаланыўлар, жаратыўшылық ислери әмелге асырылды. Әсиресе, халқымыздың ғәрезсизлик идеялары менен суўсынланған жаңаша дүньятанымы, сана-сезими өзгерди, миллий мәнаўиятымыз тикленди. Соның ушын да өткен қысқа дәўирди Өзбекстанда мәнаўий раўажланыўдың қайта ояныў дәўири болды, десек қәтелеспеймиз.

Бәршемизге белгили, Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң басламасы менен «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўға қаратылған Ҳәрекетлер стратегиясы» қабыл етилди. Бул тарийхый ҳүжжет мәмлекетимиз жәмийетлик турмысының барлық буўынларын басқышпа-басқыш модернизациялаўға каратылғанлығы менен әҳмийетли болды.

Бүгин халқымыз соңғы қысқа 5 жыл ишинде жоқарыдағы ҳүжжетте белгиленген ўазыйпалардың әмелдеги сәўлелениўин, республикамыз яки қала ҳәм районлар орайларында ғана емес, алыс мәҳәллелерде, узақ аўылларда да жемисин өз көзлери менен көрип, гүўасы болмақта.

Ғәрезсизлик жылларында тек ғана жоқары оқыў орынлары емес, ал билимлендириўдиң барлық буўынларында түпкиликли реформалар әмелге асырылды, олар саны ҳәм сапасы жағынан ҳәр тәреплеме нәтийжелерге еристи, жаңа заманагөй көринисте бой көрсетти.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң саны ҳәм жасларымызды усы билимлендириў орынларына қамтыў көрсеткиши 71 пайызға жеткени, әйне усы көрсеткиш Өзбекстан Республикасында ең алдыңғы орынларда жетекшилик етип атырғанлағы пикиримиздиң дәлили саналады. Әсиресе, тәрбияланып атырған жас балаларымыздың тек ғана өз ана тилинде емес, ал қосымша шет тиллеринде де еркин сөйлесе алатуғынлығын көрип, қәлбимизде мақтаныш ҳәм сүйиниш сезимлери пайда болады.

Сондай-ақ, республикамызда хызмет көрсетип атырған улыўма орта билим бериў мектеплериниң саны бүгинги күнге келип 775 ке көбейди. Ҳәзирги күнде Ҳүрметли Президентимиз айтқанындай, «Үшинши ренессанс – мектеп босағасынан басланады» сүрени астында мектеп биналарының жаңаша көринисте ҳәм жаңаша мазмунда хызмет көрсетип атырғанлығы, оқытыўшылар мәмлекетимиз тәрепинен ҳәр тәреплеме материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатланып атырғанлығы, ең әҳмийетлиси, билим алып атырған оқыўшыларымыздың илим, билим, көкем өнер ҳәм спорттың түрли жөнелислери бойынша жәҳән ареналарында мүнәсип катнасып, жеңимпазлар қатарының кеңейип атырғанлығы сөзимиздин анық дәлили бола алады.

Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында Өзбекстанда жоқары оқыў орынлары саны 61 болған болса, 2016-жылға келип олардың саны 71 ди қурады, лекин өткен 5 жылдың өзинде Ҳәрекетлер Стратегиясында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, олардың саны 141 ге жеткени усы тараўда алып барылып атырған терең реформалардың нәтийжеси саналады.

Бизиң мийнет етип атырған жәмәәтимиз, өзиниң 88 жылдан аслам тарийхына ийе болған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты да Ғәрезсизлик жыллары үлкен имканиятлар қушағында өзиниң жаңаша раўажланыў жолына өтти.

Усы күнге шекем институтымыз питкериўшилери арасында пүткил Өзбекстанға ҳәм дүнья еллерине белгили болған мәмлекетлик искерлер, соның ишинде халық хожалығы, мәденият ҳәм илим ғайраткерлери саналаған инсанлар түрли жылларда билим алып, бүгинги күнде олардың өмир жолы жасларға өрнек ҳәм турмыслық тәжирийбе мектеби хызметин атқарып келмекте.

Солардың ишинде институттан тәлим-тәрбия алған елимизге белгили тулғалар Ғәрезсизлик жылларында мектеп муғаллими, көплеген саўаплы ислери менен танылған Алланияз Өтениязов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергенов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсупов, Хийўа қаласы 20-санлы меҳрибанлық үйи директоры Вера Борисовна Пак ҳәм Тарийх илимлерининң кандидаты, профессор Ғайратдин Хожаниязовлар Өзбекстан Қаҳарманлары атағына миясар болып, халқымыздың мақтанышына айланды.

Бүгинги күнде Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында жоқары оқыў орынлары оқыў реже ҳәм бағдарламалары дүньяның раўажланған мәмлекетлериндеги жетекши жоқары оқыў орынлары менен беккем қатнасықлар орнатып, олардан үлги алған ҳалда қайта ислеп шығылып, билимлендириўдиң кредит-модуль системасына өтилди. Бир сөз бенен айтқанда Ғәрезсизлик себепли жоқары қәнигели педагог кадрлар таярлаў мәселеси, тәлимниң мазмуны ҳәм сапасы жәҳән талапларына сай рәўиште түп-тийкарынан өзгерди. Оқытыўшылардың қәдир-қымбаты, ҳүрмет ҳәм абройы тикленди, устазларға болған мүнәсибет мәмлекетлик сиясаттың әхмийетли бағдарына айланды. Бул жағдай елимиз жасларының оқытыўшылық кәсибине болған меҳриниң артыўына себеп болды. Институт мысалында айтып өтетуғын болсақ Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларында 4-5 мың абитуриент ҳүжжет тапсырған болса, соннан тек ғана 300-400 абитуриент студентлер қатарына қабыл етилер еди. Бүгинги күнге келип болса өткен жылдың өзинде қабыллаў квотасы 3715 болып, қабыл етилген студенлер саны 6515 ти қурады. Ҳәзирги күнде институтымыз студентлери саны 16 мыңнан асып кетти.

Соныда айтып өтиўимиз лазым, жоқары оқыў орынларында жылдан-жылға студентлер санының артып барыўын есапқа алған ҳалда мәмлекетимиз тәрепинен зәрүр болған оқыў биналары, оқыў әдебиятлары ҳәм лабораториялар, беккем материаллық-техникалық база, сондай-ақ, студентлер турар жайлары менен тәмийнлеў ҳәм де маман педагог кадрлар менен тәмийнлеў сиясаты да биргеликте алып барылмақта.

Институтымыз дүньяның ең раўажланған мәмлекетлериндеги жәҳәнге белгили 16 жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў мемерандумларын дүзип, педагог-кадрлар ҳәм студент-жаслардың оқыў ҳәм әмелият процесслеринде тәжирийбе алмасыў жумыслары алып барылды.

Кейинги бес жыл даўамында институт илимпазлары ҳәм профессор-оқытыўшылары шет ел жоқарғы оқыў ҳәм илим-изертлеў орайлары менен тығыз байланыста изертлеўлер ҳәм тәжирийбе алмасыўлар алып бармақта. Булардан атап айтқанда Англия, Россия, Түркия, Польша, Әзербайжан, Қазақстан, Пакистан ҳәм Тәжикстан мәмлекетлериниң дүнья жүзинде абройлы болған оқыў орынларын келтирип өтсек болады.

Буның нәтийжесинде болса, Ғәрезсизлик жылларының басында иснтитутымызда илимий потенциал 24-25 пайыз болған болса, бүгинги күнде профессор-оқытыўшылар санының артып барыўына қарамастан 36,5 пайызды қурайды.

Институт «Кадрлар таярлаў миллий бағдарламасы»ның мақсет ҳәм ўазыйпаларынан келип шығып, Республикамыз халық билимлендириў саласының раўажланыўын тәмийинлейтуғын проблемалы бағдарларда орынланатуғын фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеў жумысларын комплексли тәризде алып барыў, жоқары илимий дәрежели педагог кадрлар таярлаўдың сапасын асырыў мақсетинде оқыў-методикалық әдебиятлар жаратыў үстинде ислеў бойынша илимий-теориялық ҳәм де әмелий-методикалық мәсләҳәт хызмети, илимий тәжирийбелер өткериў, илимий базаларды раўажландырыў ҳәм өз-ара жәрдем көрсетиў мәселелери бойынша биргеликте нәтийжели жумыслар алып бармақта.

Оқыў биналарын реконструкциялаў, оқыў ханаларын заманагөй техникалық қураллар менен тәмийнлеў жумыслары ҳәр оқыў жылында қолға алынып келинбекте. Сондай-ақ, бүгиниги күнде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги “Жоқары билимлендириў системасын жәнеде раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-2909-санлы Қарарына тийкарланып институттың 2000 орынға мөлшерленген жаңа оқыў имаратының қурылысы ушын 54000,0 млн сум қаржы ажыратылып, 2021-жылда пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте.

Институт аймағындағы қурылысы ескирген 400 орынға мөлшерленген Талабалар турур жайы имаратында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳам орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда бюджеттен тысқары қаржылар есабынан 3,8 млрд сум қаржы ажыратылып, реконструкция жумыслары жедел пәтлер менен алып барылып, жақын ўақытлар аралығында пайдаланылыўға тапсырылыўы режелестирилмекте.

Бүгин мәмлекетимиз Жаңа Өзбекстан – «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» деген баслы идея тийкарында раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем атты. Бул өз гезегинде Өзбекстанда руўхый-ағатрыўшылық жақтан раўажланыўдың жаңа басқышына өтиўин белгилеп, мәмлекетимизде студент-жасларды тәрбиялаўдың жаңа идеологиялық платформасын жаратып берди.

Әлбетте, жаратылып атырған усындай имканиятлардан үнемли пайдаланып атырған талантлы студент-жасларымызда Мәмлекетимиз Ғәрезсизлиги жылларында илим, мәденият ҳәм көркем-өнер, спорт тараўларында дүньяның ең раўажланған мәмлекетлерине барып, Азия ҳәм жәҳән чемпионлығын қолға киргизип, пән олимпиадаларында сыйлы орынларды ийелеп, мәмлекетимиз байрағын бәлент көтерип атырғанлығы Ғәрезсизлигимиздиң жемиси саналады. Институтымызда өткен жыллар даўамында 3 Зульфия атындағы сыйлықтың лауреаты, 7 «Ниҳол» сыйлығы ийеси, 50 ден аслам Жәҳән чемпионатлары жеңимпазлары, 150 Азия ҳәм 360 тан аслам республика көлеминдеги спорт жеңимпазлары жетилисип шықты.

Бүгин тек ғана билимлендириў мәкемелеринде емес, бәлки шаңарақларда ҳәм мәҳәллелерде де жасларымызға Бурынғы аўқам сиясий системасының халқымызға көрсеткен аянышлы зулымлығы, Ғәрезсизлик – өткен ата-бабаларымыздың әрманы болғанлығын, бундай тыныш-татыў, пәрәўан кунлер өзлигинен келмегенлигин қайта-қайта түсиндириў, оқытыў ҳәм үйретиўди дәўирдиң өзи көрсетип бермекте. Әсиресе, бүгинги глобалласыў процесинде «ғалабалық мәденият» нықабы астында кирип келип атырған ҳәм миллий мәнәўиятымызды жемириўге қаратылған ҳәрекетлер, қалаберсе, дүньяның түрли аймақларында жүз берип атырған ҳәр қыйлы көринистеги урыслар, диний экстремизм ҳәм терроризм ақыбетинде болып атырған қан төгиўлер, ҳәр қыйлы жоллар менен бул процесслерге жасларымызды өз ҳәрекетлерине тартыў жағдайлары да гүзетилип атыр. Бүгиниги күнде Европа ҳәм Араб мәмлекетлеринде ғана емес, бәлки Өзбекстанды қоршап турған шегаралас мәмлекетлерде болып атырған келиспеўшиликлер, урыслар ҳәм олардың аянышлы ақыбетлери бойынша жасларымызға шаңарақта, мәҳәллелерде ҳәм барлық оқыў орынларында тийкарланған дәлиллер менен туўры түсиниклер берип, ақты қарадан, досты душпаннан ажыратып көрсеткен ҳалда олардың қәлбинде Ана Ўатанға меҳир, садықлық ҳәм миллий ғәрезсизлик руўхында жоқары мәнәўиятлы әўладты тәрбиялаў бәршемиз ушын қарыз ҳәм парыздур.

Бүгин мәмлекетимиз жақсы нийетлер менен Жаңа Өзбекстан – «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» принципи тийкарында өз раўажланыў жолынын жаңа басқышына, үшинши ренессанс дәўириниң иргесин жаратыўға қәдем қойды. Бундай шараятта мәмлекетимизде жаслар тәрбиясын заманагөй тийкарда, яғыный бүгинги күнниң талапларынан келип шығып шөлкемлестириў, әмелге асырылып атырған жумысларды сын көз қарастан баҳалап, машқалаларды сапластырыў – биз зиялылардын алдында турған әҳмийетли мәселелерден саналады.

Және бир мәрте, Ғәрезсизлигимизге көз тиймесин, деймиз. Тынышлығымыз ҳәм абадан турмысымызды, шегараларымыздың қол қатылмаслығын сақлап турған мәрт улларымыз аман болсын!

Усы пурсаттан пайдаланып, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти атынан гүллән халқымызды Ғәрезсизлигимиздиң даңқлы 30 жыллық байрамы менен шын жүректен қутлықлайман!

Байрамбай Отемуратов,
Әжинияз атындағы НМПИ ректоры,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

Уқсас жаңалықлар

ЖЧ-2022: Уэльс сайланды командасы 64 жылдан кейин мундиальда ойнайды

ЖЧ-2022: Уэльс сайланды командасы 64 жылдан кейин мундиальда ойнайды

20-ноябрь күни Қатар пайтахты Доха қаласында футбол бойынша жигирма екинши жәҳән чемпионатына старт берилди. Дәслепки ойында...

Халық жазыўшысы Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти

Халық жазыўшысы Муратбай Нызанов пенен ушырасыў болып өтти

    Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан халық жазыўшысы, белгили киносценарист, драматург, Бердақ атындағы мәмлекетлик

Қарақалпақстанның археологиялық естеликлери: Үлкен Гүлдирсин қорғаны (+фото)

Қарақалпақстанның археологиялық естеликлери: Үлкен Гүлдирсин қорғаны (+фото)

    Үлкен Гүрдирсин қорғаны бизиң эрамызға шекемги IV-III әсирлер, эрамыздың III, XII-XIII әсирлерине тийисли археологиялық естелик