Ҳәр 2 жылдан халық аралық өнерментшилик фестивалы өткериледи
6-10-2019, 09:50

2019-жыл 3-октябрь күни Халық аралық өнерментшилик фестивалын өткериўге байланыслы ис-илажлар ҳаққындағы Президент Пәрманы қабыл етилди.
Оған муўапық, ҳәр 2 жылда бир мәрте сентябрь айында Қоқан қаласында Халық аралық өнерментшилик фестивалы өткериледи.
Сондай-ақ, фестиваль шеңберинде «Өнерментшилик ҳәм халық әмелий көркем өнерин раўажландырыў перспективалары» атамасындағы илимий-әмелий конференция да өткериледи.
Фестивальдың тийкарғы ўазыйпаларынан бири өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, бай мәдений мийрасты дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаўдан ибарат.
Сахибжамал Есемуратова
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Изге