Муфтий Усманхан Алимов Қарақалпақстанда![]() Бүгин, 3-декабрь күни Өзбекстан мусылманлары басқармасының баслығы, муфтий Усманхан Алимов ҳәм Дин ислери бойынша комитет баслығы Абдуғофур Аҳмедов Қарақалпақстанға келди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хабар берди. Сапардан гөзленген мақсет Қарақалпақстанда диний тараўда алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў, имәм-хатиблер менен ушырасып, оларды қыйнап атырған машқалалар бойынша пикир алмасыў, усынысларын тыңлаўдан ибарат. Күнниң биринши ярымында Нөкис қаласындағы Имәм ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешитинде республикамыздағы барлық имәм-хатиблер қатнасыўында жыйналыс болып өтти. ![]() Жыйналыс соңында «Вақф» қайырқомлық қоры тәрепинен имәм-хатиблерге Қураны кәрийм саўға етилди. Нөкис қаласындағы кем тәмийинленген, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқат өнимлери, майыплығы болған пуқараларға болса майыплық арбашалары берилди. Муфтий ҳәм комитет баслығының Қарақалпақстанға сапары даўам етпекте. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
116
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
119
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
125
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|