Жерге ең үлкен астероид қашан жақынласады?![]() Соңғы 15 жыл даўамында илимпазлардың тийкарғы бас аўырыўына айланған 300 метрлик апофис астероиды Жерге 2029-жылы қулайды, деп болжанған еди. Бирақ, соңғы изертлеўлерге муўапық бул ўақыт 2029-жылдан кейинги жылларға туўра келиўи анықланды. Дәслеп 2004-жылы илимпазлардың нәзерине түскен астероидтың Жер менен соқлығысыў итималлылығы 2,7 процентти қурап, аспан денеси планетамызға 2029-жылы жақынласады, деп болжанған еди. Бирақ, кейин ала илимпазлар пикирин өзгертип, бул ўақыт 2036-жылға туўра келиўин айтты. Ҳәзирги ўақытта болса астероидтың Жер менен соқлығысыўын жоққа шығарып атырғанлар да бар. Апофис астероидының Жерге соқлығысыў мүмкиншилиги миллионнан бирге тең. Бирақ, оның Жерге жақыннан ушып өтиўи анық. Астероидтың «өмирин» турақлы түрде бақлап отырған NASA илимпазлары оның Жерге қашан жақынласатуғынлығын мәлим етти: - 2060-жыл 12-апрель; - 2065-жыл 11-апрель; - 2068-жыл 10-октябрь; - 2076-жыл 13-апрель; - 2077-жыл 13-апрель; - 2078-жыл 13-апрель; - 2089-жыл 10-октябрь; - 2091-жыл 13-апрель; - 2103-жыл 14-апрель. NASA илимпазларының есаплаўынша, астероид Жерге жақын жерден саатына 21 060 километр тезлик пенен ушып өтеди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
116
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
119
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
125
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|