Президент келеси ҳәптеде рәсмий сапар менен Японияға барады![]() Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Синдзо Абэниң усынысына муўапық 2019-жылдың 17-20-декабрь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болады. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди. Хабарда жазылыўынша, сапар даўамында Япония Бас министри Синдзо Абэ, Парламенттиң Мәсләҳәтшилер палатасы президенти Акико Санто, Парламенттиң Ўәкиллер палатасы спикери Тадамори Осима, Бас министр орынбасары, қаржы министри Таро Асо менен сөйлесиўлер болып өтеди. Тәреплер Өзбекстан-Япония қатнасықлары, соның ишинде, алдағы ўақытларда раўажландырыўдың узақ мүддетли баслы бағдарларын додалайды, халықаралық әҳмийетке ийе актуаль машқалалар бойынша пикир алмасады. Өзбекстан Республикасының Президенти Япония Императоры Нарухито тәрепинен қабыл етиледи. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний базарында ҳаяллардың бирнеше мәрте сабап кетилгени бойынша қосымша мағлыўматлар мәлим етилди23-янв, 2021 жыл.
179
0
Тахтакөпирде қолайсыз ҳаўа райы себепли тутыныўшылар электр энергиясысыз қалды23-янв, 2021 жыл.
66
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанның өмири темирге уқсайды. Оны қоллансаң жылтырайды, ал пайдаланбасаң тат басып қалады
Катон
|