Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри: «Өзбекстан суўдан ең көп пайдаланатуғын мәмлекетлердиң бири»![]() Бүгин, Халықаралық пресс-клубтың Өзбекстанда турақ жай ҳәм коммуналлық тараўдағы реформаларға арналған гезектеги сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында пресс-клубтың Телеграм каналында хабар берилди. Сессияда сөзге шыққан ӨзР турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри М.Солиевтиң билдириўинше, Өзбекстанда суўдың баҳасы ең арзан болып табылады, яғный 310 сум. Сондай-ақ, Өзбекстан суўдан ең көп пайдаланатуғын мәмлекетлердиң бири. Министрдиң мәлим етиўинше, Өзбекстанда пайдаланылатуғын барлық түрдеги суўлардың 94,5% и юридикалық тараўға бағдарланатуғын болса (яғный аўыл хожалығы, өндирис ҳәм басқаларға), қалған 5,5% и пуқаралар тәрепинен пайдаланылатуғын суўлар болып табылады. Өзбекстан пуқараларының 9% и арнаўлы машиналарда жеткерип берилетуғын суўдан пайдаланады. Буған Қарақалпақстан Республикасы, Ферғана, Қашқадәрья ҳәм басқа ўәлаятлардағы ең шетки аймақларда жасайтуғын пуқаралар киреди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний базарында ҳаяллардың бирнеше мәрте сабап кетилгени бойынша қосымша мағлыўматлар мәлим етилди23-янв, 2021 жыл.
179
0
Тахтакөпирде қолайсыз ҳаўа райы себепли тутыныўшылар электр энергиясысыз қалды23-янв, 2021 жыл.
66
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәр бир адам – бир китап, ҳәмме гәп оны оқый алыўда
У Шеннинг
|