Қарақалпақстанда қайсы түрдеги жынаятлар көбейген?![]() 2018-жылға салыстырғанда өткен 2019-жылда Қарақалпақстан Республикасы бойынша көбейген жынаят түрлери төмендегише: - жынысый еркинликке қарсы жынаятлар (намысқа тийиў) – 27 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 19 адам); - басқыншылық жынаяты – 9 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 7 адам); - нәшебентлик пенен байланыслы жынаятлар – 56 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 33 адам). Бул жынаятлар тийкарынан Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Төрткүл, Елликқала районларында жүз берген. Соның менен бирге, төмендеги жынаят түрлери 2018-жылға салыстырғанда азайған: - қастан адам өлтириў – 8 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 13 адам); - қастан денеге аўыр ҳәм орташа аўыр жарақат жеткериў – 43 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 69 адам); - тонаўшылық – 3 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 7 адам); - өзгениң мүлкин өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан-тараж етиў – 52 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 80 адам); - урлық – 136 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 253 адам); - парахорлық пенен байланыслы жынаятлар – 42 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 46 адам); - жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў – 119 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 162 адам); - бийзарылық – 33 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 64 адам). Бул ҳаққында бүгин, 18-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында ҚР жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева мағлыўмат берди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
116
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
119
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
125
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Еӊ қорқынышлы қәте – бул алдыӊғы қәтелерди дурысламаў
|