Елликқалада «Елликқала – туризм орайы» атамасындағы халықаралық конференция болып өтеди![]() 22-январь күни Елликқала районында «Елликқала – туризм орайы» атамасындағы халықаралық илимий, экономикалық ҳәм мәдений-ағартыўшылық конференциясы болып өтеди. Бул ҳаққында ӨзР Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети хабар берди. Конференция елимиздиң тарийхый-мәдений объектлерин сақлаў, оларды реконструкциялаў, қайта тиклеў ҳәм көп әсирлик тарийхымызды көпшиликке, соның ишинде, Өзбекстанға саяхат ететуғын туристлерге көрсетиўге бағдарланған. Илаж шеңберинде аймақтың тарийхый-мәдений естеликлери ҳәм олардың әҳмийети ҳаққында сөз етиледи. «Елликқала – туризм орайы» атамасындағы халықаралық илимий, экономикалық ҳәм мәдений-ағартыўшылық конференциясы инновациялық жойбарларды әмелге асырыў менен шуғылланатуғын «Hamkor Stimul Servis» илимий изертлеў орайы тәрепинен Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Илимлер академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги менен биргеликте өткериледи. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
125
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
131
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
128
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир өткен күнлер емес, ал есте қалғанлары
П.Павленко
|