Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилиси болып өтпекте. Президент мәжилиске қатнаспақта![]() Бүгин, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилиси болып өтпекте. Мәжилисти Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Н.Исмоилов ашып берди. Мәжилисте Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев сөзге шығып, социаллық тараўлардың сапасын жақсылаў ҳәм көлемин кеңейтиў, экономиканың баслы бағдарларын орташа ҳәм узақ мүддетте жедел раўажландырыў бойынша 3 жылда 30 дан аслам концепция ҳәм стратегиялар қабыл етилгенин атап өтти. - Биз көп жыллар даўамында үлкен-үлкен цифрларға таң қалып жүрдик. Бирақ, бул цифрлар халқымызға мәп келтирмеди. Сол себепли, баслы мақсетимиз халықтың адам басына туўра келетуғын дәраматын арттырыў, экономиканы турақлы раўажландырыў ҳәм буны адамлардың турмысында, дастурханында сезетуғын етиў. Өткен жылларда дәслепки қәдемлерди тасладық. Бирақ, еле гөзленген нәтийжелерге ерискенимиз жоқ. Қайсы бир тараўды жетик деп айта алмаймыз, - деди мәмлекетимиз басшысы. Мәжилис даўам етпекте. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
116
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
119
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
125
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|