Президент қоспа мәжилисте баспасөз хаткерлери ҳаққында не деди?![]() - Ол заманлар өтип кетти. Статистика өз жолы менен. Мине, дерлик ҳәр бир шөлкемде баспасөз хаткерлери бар. Оларға жетерли шараятларды жаратып бердик. Белгиленген бағдарламаларды ҳәр бир баспасөз хызмети, лаўазым ийеси орынлаўы шәрт. Пахтаны орынлаймыз, ғәллени орынлаймыз, деп ойнап жүретуғын заманлар өтип кетти. Заманагөй жумыс усылларына өтиўимиз керек. Унаса-унамаса заман соны талап етпекте, - деди Президент парламент палаталарының қоспа мәжилисинде. Президент ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар ҳәм веб-сайтлардан кең пайдаланыў, баспасөз конференциялары, брифинглер, медиа-турлар шөлкемлестириў кереклиги ҳәм ҳүкимет, министрлик, мәкемелер, аймақлардың басшылары ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақларда көтерилип атырған әҳмийетли мәселелер бойынша жедел түрде шаралар көриўи ҳәм оларға принципиал түрде мүнәсибет билдириўи кереклигин айтты. Бул бағдардағы жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў ушын ҳәр бир мәкеме өзиниң медиа-бағдарламасын ислеп шығыўы, Ҳүкимет бул мәселениң орынланыўын қатаң түрде қадағалаўы кереклиги ҳәм ҳәр бир мәкеме, министрлик мағлыўматлардың ашық-айдынлығын, жумысларын сын көзқарастан көрип, өзиниң веб-сайтлары ҳәм социаллық тармақларындағы бетлеринде мағлыўматларды турақлы түрде жәриялап, жаңалап барыўы кереклиги түсиндирилди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
125
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
131
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
128
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|