Нөкисли пуқара ишки ислер уйымы хызметкерине 1 200 доллар муғдарында пара бермекши болды![]() Усы жылдың 15-январь күни Нөкис қаласы турғыны А.И. Нөкис қалалық ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы 5-санлы ишки ислер бөлиминиң баслығы, подполковник А.Бекмуратовқа пара бермекши болды. Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, пуқара А.И. подполковник А.Бекмуратовқа Тергеў бөлимшеси тәрепинен Жынаят кодексиниң 168-статьясы 2-бөлими ҳәм 228-статьясы 2-бөлими менен ашылған ҳәм тергеў ҳәрекетлери алып барылып атырған жынаят исин унамлы шешип бериўи ушын 1 200 АҚШ доллары муғдарында пара усыныс еткен. Пуқара А.И. усыныс еткен пулдың 300 АҚШ долларын пара сыпатында берип атырған ўақтында ҚР Прокуратурасы, ӨзР ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасы ҚР бойынша бөлими ҳәм жынаят излеў басқармасы хызметкерлери тәрепинен айғақлы дәлиллер менен қолға алынған. Жүз берген жағдай бойынша Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен Жынаят кодексиниң 211-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир өткен күнлер емес, ал есте қалғанлары
П.Павленко
|