Ғарғыс еситкен балалар…
Бала ақ қағазға мегзейди. Бул қағаз бетлерине тек жақсы сөзлер жазылыўын қәлеймиз. Бирақ …
Наполеон Банопартты анасы ҳәр таӊда: «Балам, бүгин сени уллы ислер күтпекте» деген сөзлер менен оятқанын көпшилигимиз еситкенбиз. Сонлықтан да, ол өзиниӊ уллы ислерди ислей алыўына исеним менен ҳәр таӊды күтип алған. Дүнья жүзиндеги еӊ жақсы әскербасылар қатарынан орын алған. Бәлким, бул анасыныӊ ҳәр таӊда айтқан сыйқырлы сөзлериниӊ нәтийжеси болса әжеп емес. ![]() Арамызда баласына унамсыз, жағымсыз сөзлерди айтып атырған адамлар көплеп ушыратыўға болады. Балалары унамсыз ҳәрекетлерди ислесе, тәртипсизлик етсе ғарғыс сөзлер менен оларды «сыйлайтуғынлар» да бар. Ал, айырым ўақытлары тыныш отырған балаға «ҳә, ийттиӊ баласы» деп еркелеткен боламыз. Лекин, буны еркелетиўши сөзлердиӊ қатарына қосыў орынлымекен? Буннан басқа да, айырым ата-аналар балаларына ийттиӊ баласы, ийттиӊ туўғаны, жүўернемек, қудайдан тапқыр, қанқусқыр сыяқлы сөзлерди айтады. Бундай сөзлерди еле де даўам еттириў мүмкин. Усындай сөзлерди еситип ержеткен баладан дүньяға белгили алымлар, илимпазлар, еӊ жақсы әскербасылар жетилисип шығыўы мүмкинбекен? Бәлким, бул сөзлер балалардың келешегин белгилер… Сахибжамал Есемуратова |
Пикир(1)
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
100 000 сумлық банкнотаның рәсмий көриниси жәрияланды. Ол қашаннан баслап айланысқа енгизиледи?16-фев, 2019 жыл.
125
0
Мәмлекетлик хызметлер бойынша жаңа қарар қабыл етилди. 1-апрельден баслап бир қанша талаплар бийкар етиледи16-фев, 2019 жыл.
69
0
Аралдың қурыған ултанында «жасыл қапламалар» пайда етиў ушын неше сум қаржы ажыратылады?16-фев, 2019 жыл.
24
0
Жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақларында үлкен өзгерислер болыўы күтилмекте (толық мағлыўмат)16-фев, 2019 жыл.
131
0
Нөкис халықаралық аэропортында Астанаға арзан баҳада билет сатып алыў имканияты жаратылды16-фев, 2019 жыл.
51
0
Факультетлер 15 ке жетти. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаңа структурасы тастыйықланды. Және қандай өзгерислер болды? (толық)01-фев, 2019 жыл.
«Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» трассасында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Қурбан болған шахс бар24-янв, 2019 жыл.
Ең ақыллы ҳәм ден саўлығы беккем балалар қайсы айда дүньяға келетуғынлығын билесиз бе?27-янв, 2019 жыл.
1-февральда ақырзаман болыўы ҳаққындағы гәплер қаншелли ҳақыйқат? Илимлер Академиясы мүнәсибет билдирди31-янв, 2019 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир велосипедке уқсайды. Оның педалын айландырыўдан тоқтасаңыз жығыласыз
Клаудио Пепер
|