Ибрайым Юсуповтың таңламалы шығармалары Ташкент қаласында өзбек тилинде баспадан шықты![]() 5-май – Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған күни. Шайыр 1929-жылы Шымбай районындағы Азат аўылында дүньяға келген. Ибрайым Юсуповтың поэзиялық шығармалары 1979-жылы «Раҳмат сенга, замоним», 1988-жылы «Қоратол», 2009-жылы «Менинг йигит вақтим, сенинг қиз вақтинг», 2015-жылы «Сўфитўрғай саломи» атамаларында өзбек тилинде китап болып баспадан шығарылған. Ибрайым Юсуповтың бай дөретиўшилик мийрасы, поэзиялық дөретпелери өзбек китапқумарларына жақсы таныс ҳәм қәдирдан. Өткен жылы шайырдың туўылғанына 90 жыл толыў сәнеси елимизде кең түрде белгиленди. Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурмонның хабар бериўинше, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының «Ижод» жәмийетлик қоры тәрепинен шайырдың таңламалы шығармалары өзбек тилинде баспадан шығарылды. Бул китап шайыр дөретпелерин кең түрде қамтып алғанлығы ҳәм жаңа көркем аўдармалардан ибарат екенлиги менен де әҳмийетли болып табылады. Айрым қосықлар ҳәм дәстан биринши мәрте өзбек китапқумарларының нәзерине усынылған. Ибрайым Юсуповтың поэзиясы тәкирарланбас гөззаллығы ҳәм философиялық мазмуны менен туўысқан халықлар әдебиятында да өзиниң ажыралмас орнына ийе болмақта. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Өткен жылы Қарақалпақстанда қайсы кеселликлерден өлимшилик жағдайлары бақланған?28-янв, 2021 жыл.
0
0
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
66
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
217
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Мен нақыл-мақаллардан жүдә көп нәрсени, басқаша айтқанда – анық пикирлеўди үйрендим
М. Горький
|