«Қызыл» категорияға кирген аймақларда қайсы хызмет түрлерине рухсат бериледи?![]() Республикалық арнаўлы комиссияның қарары менен «қызыл» категорияға киргизилген аймақларда төмендеги хызмет түрлерине рухсат бериледи: - азық-аўқат саўда дүканлары, азық-аўқатлық емес өнимлер көтере сатылатуғын саўда дүканлары, қурылыс материаллары базарлары, тигиўшилик цехлары, коммерциялық банклердиң объектлердеги шақапшалары (кассалары), химиялық тазалаў, нотариаллық кеңселер, адвокатура ҳәм қамсызландырыў шөлкемлери, аяқ-кийим оңлаў устаханалары, шарўашылық, терини қайта ислеў кәрханалары, жедел түрде аўқат таярлаў орынлары (жеткерип бериў ҳәм алып кетиў ушын), медициналық мәкемелердиң жумыслары; - аўыл хожалығы өнимлерин топлаў, орынларға жеткериў ҳәм сатыў, туқым ҳәм нәл жетистириў және оларды сатыў, автомобильлерге аўысық бөлеклер сатыў, өнермент ҳәм усталар, олар тәрепинен исленген буйымларды базарлардан тысқары өз алдына жайласқан орында (дүкан) сатыў; - объектлерде қурылыс, реконструкция ислеў ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырыў, жеке тәртиптеги қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары, жеткерип бериў хызмети; - көп этажлы турақ жайлардың тиккелей алдында ҳәм ишки ҳәўли аймақларында социаллық аралықты сақлаған ҳәм нықап таққан ҳалда сейил етиў. Еслетип өтемиз, биринши – «қызыл» категориядағы аймақлар – соңғы 14 күн ишинде коронавирус инфекциясына шалынған адамлар анықланған аймақлар болып, оларға төмендеги аймақлар киргизилди: - Қарақалпақстан Республикасы; - Әндижан ўәлаяты; - Наманган ўәлаяты; - Ферғана ўәлаяты; - Самарқанд ўәлаяты; - Ташкент ўәлаяты; - Бухара ўәлаяты; - Сырдәрья ўәлаяты. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
27-февраль күни айрым жерлерге қар жаўыўы мүмкин – «Қарақалпақгидромет» хабары26-фев, 2021 жыл.
107
0
Хош хабар! Қарақалпақстанлы боксшы Мәдияр Дәнияров халықаралық турнирдиң алтын медалын жеңип алды26-фев, 2021 жыл.
66
0
Қыпшақ, Жумыртаў ҳәм Төрткүл понтон көпирлери арқалы ҳәрекетлениў ўақытша тоқтатылды26-фев, 2021 жыл.
55
0
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
861
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
200
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәр бир адам – бир китап, ҳәмме гәп оны оқый алыўда
У Шеннинг
|