Дүньяның 300 ден аслам тиллерине аўдармаланған китап енди қарақалпақ тилинде – «Кишкене шаҳзада»![]() Белгили француз жазыўшысы Антуан де Сент-Экзюперидиң «Кишкене шаҳзада» шығармасы талантлы жазыўшы Гүлнара Ибрагимова тәрепинен рус тилинен қарақалпақ тилине аўдарма исленди ҳәм быйыл Ташкент қаласында баспадан шықты. Бул ҳаққында «Әдебий Блогнот» каналы хабар берди. «Кишкене шаҳзада» шығармасы дүнья әдебиятының қунлы шығармаларының бири болып есапланады. Мағлыўматларға қарағанда, бул шығарма дүньяның 300 ден аслам тиллерине аўдармаланған болып, ең көп тиллерге аўдарма исленген дөретпелер арасында дүньяда 2-орынды ийелейди. Бул философиялық ертектиң тийкарғы қаҳарманлары Ушыўшы, Кишкене шаҳзада, Түлки ҳәм Жылан болып, шығарма өз планетасын таслап кетип, әлем бойлап саяхат еткен Кишкене шаҳзаданың өмирдиң мазмуны не екенлигин түсиниўи, яғный өзи туўылған планетасында өз гүлин сүйиўи, оның қәдирин билиўди үйрениўи керек екенлиги ҳаққында сөз етеди. Шығарма жети жастан жетпис жасқа шекемги китапқумарлар ушын бирдей қызықлы ҳәм мәнили болып, дүнья әдебиятының ажыралмас бир бөлегине айланған. Аўдарма авторының бизге мәлим етиўинше, китап жақын күнлерде китапқумарлар қолына тийиўи күтилмекте. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң «Дамас»ларда 3 жолаўшыдан артық болмаўын қадағалаўы тийкарсыз – Транспорт министрлиги20-апр, 2021 жыл.
112
0
Қоңыратта жол-патруль инспекторы ҳәм пуқара арасында келип шыққан жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат берилди20-апр, 2021 жыл.
168
0
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
119
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|