Мәмлекетлик тест орайы 2020-2021-оқыў жылы ушын өткерилетуғын тест сынақларындағы өзгерислер ҳаққында мағлыўмат берди![]() Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен тест сораўларын әпиўайыластырыў, абитуриентлерге жеңиллик ҳәм қолайлықлар жаратыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2020-2021-оқыў жылында жоқары оқыў орынларының бакалавриатына кириў ушын өткерилетуғын кириў тест сынақларында тест сораўлары бойынша төмендеги өзгерислерди әмелге асырыў жобаластырылмақта. Тест сораўларын әпиўайыластырыў: - Тест сораўлары әпиўайыластырылады дегенде жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў имтиханларында тек ғана әпиўайы тестлерден пайдаланылады, деп түсинип қалмаў керек. - Улыўма билим бериў пәнлеринен тест сораўлары 3 қыйыншылық дәрежесинде қәлиплестириледи. Бунда биринши қыйыншылық дәрежесиндеги тест сораўлары шешилиўи, орынланыўы аңсат болған сораўлар болып табылады. - Алдынғы жылларда өткерилген тест сынақларында пәнлерден 6 сораўға шекем биринши қыйыншылық дәрежесиндеги тест сораўлары берилген еди. Быйылдан баслап ҳәр бир вариантта қолланылатуғын биринши қыйыншылық дәрежесиндеги тест сораўларының саны орташа 10 сораўға жеткерилмекте. Жазыўсыз карта, кесте, сүўретли көринистеги тест сораўларының санын көбейтиў: - Абитуриентлер тест сораўларын логикалық пикир жүргизип, тез түсинип алыўы ушын быйылғы жылы тарийх, география пәнлери сыяқлы шет тили (инглис, немис, француз) пәнлеринен де сүўретли тест сораўлары қәлиплестирилмекте. - Сондай-ақ, биология ҳәм химия пәнлеринен сүўретли тест тапсырмаларының саны көбейтилмекте. Ана тили ҳәм әдебияты пәнинен тест сораўларын әпиўайыластырыў: - Ана тили (қарақалпақ, өзбек, рус) ҳәм әдебияты пәнинен өз бетинше оқыў ушын усыныс етилген көркем шығармалардан тест сораўларының саны көбейтиледи. - Сондай-ақ, абитуриентлердиң логикалық пикирлеўин раўажландырыў мақсетинде текстли тестлер, яғный текст үстинде ислеў менен байланыслы болған тест сораўлары дүзилмекте. - Текстли тест сораўларында текст қурамындағы сөзлердиң дурыс қолланғанлығы ҳәм гәплердиң дурыс қуралғанлығын анықлаў, тексттеги сөзлердиң мәнилерин табыў және тексттиң тийкарғы мазмунын түсиниў талап етиледи. Химия ҳәм физика пәнлеринен теориялық тест сораўларының санын көбейтиў: - Химия пәнинен теориялық тест сораўларының саны көбейтиледи ҳәм лабораториялық жумысларға байланыслы тест сораўлары дүзилмекте. - Физика пәнинен де теориялық тест сораўларының саны көбейтилип, биринши қыйыншылық дәрежесиндеги тест сораўларының саны 6 сораўдан 10 сораўға шекем көбейтилмекте. - Сондай-ақ, абитуриентлерге қолайлық жаратыў мақсетинде «Турақлы физикалық бирдейликлер кестеси» ислеп шығылды ҳәм ол «Химиялық элементлердиң периодлық системасы» сыяқлы тест тапсырыў процесинде абитуриентлерге бериледи. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
266
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
158
0
Еки ҳәм оннан аслам перзентлери контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредити бериледи25-фев, 2021 жыл.
84
0
Видео. Қарақалпақстанлы Мәдияр Дәнияров Беларусь чемпионы үстинен жеңиске еристи25-фев, 2021 жыл.
93
0
25-февраль күни Ташкенттен Қарақалпақстанға ҳәрекетленетуғын автобус рейслери бийкар етилди25-фев, 2021 жыл.
78
0
«Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында кимлер жеңимпаз болды? (толық дизим)24-фев, 2021 жыл.
174
0
Қазақстанның «ТОП-500»ликке кирген жоқары оқыў орны менен бирге ислесиў бойынша шәртнама дүзилди24-фев, 2021 жыл.
107
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Мен нақыл-мақаллардан жүдә көп нәрсени, басқаша айтқанда – анық пикирлеўди үйрендим
М. Горький
|