Екинши ҳаялға үйлениўге рәсмий түрде рухсат берилгени рас па?![]() Социаллық тармақларда «Өзбекстанда екинши ҳаялға үйлениўге рәсмий түрде рухсат берилди» мазмунындағы жалған хабар тарқалды. Мәмлекетлик хызметлер агентлиги усы хабарға рәсмий түрде мүнәсибет билдирди. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 126-статьясына муўапық, көп ҳаяллы болыў, яғный улыўмалық үй рузыгершилиги тийкарында еки ямаса оннан аслам ҳаял менен ерли-зайып болып жасаў – базалық есаплаў муғдарының елиў есесинен жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары яки бир жылдан үш жылға шекем еркинлигин шеклеў яки болмаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады. Сондай-ақ, Шаңарақ кодексиниң 16-статьясына муўапық, егер некелениўшилерден бир тәреп дизимге алынған басқа некеде болған жағдайда, бундай адамлар арасында неке дүзиўге жол қойылмайды. Министрлер Кабинети қарарларының қысқартпасы – ВМҚ етип белгиленеди. ПҚ делингенде Президент қарары нәзерде тутылады. Тарқатылып атырған хабарда көрсетилген қарар 2020-жыл 10-апрель күни Министрлер Кабинети тәрепинен қабыл етилмеген. Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Өзбекстанда ҳәзирги ўақытта демографиялық көрсеткиш бойынша ҳеш қандай машқала жоқ. Бир жылда орташа есапта 750-800 мыңға шамалас балалар дүньяға келмекте. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
27-февраль күни айрым жерлерге қар жаўыўы мүмкин – «Қарақалпақгидромет» хабары26-фев, 2021 жыл.
107
0
Хош хабар! Қарақалпақстанлы боксшы Мәдияр Дәнияров халықаралық турнирдиң алтын медалын жеңип алды26-фев, 2021 жыл.
66
0
Қыпшақ, Жумыртаў ҳәм Төрткүл понтон көпирлери арқалы ҳәрекетлениў ўақытша тоқтатылды26-фев, 2021 жыл.
55
0
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
861
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
200
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|