Түркменстанда жазасын өтеп атырған Қарақалпақстанның 24 турғыны азатлыққа шығарылды. Олар арасындағы 2 адам излеўде болған![]() Түркменстан Республикасында жайласқан жазаны атқарыў мәкемелеринде белгиленген жазасын өтеп атырған Өзбекстан Республикасының 61 пуқарасы мәмлекетте жәрияланған амнистия акти тийкарында азатлыққа шығарылды ҳәм Өзбекстанға қайтарылды. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ хабар берди. Хабарда жазылыўынша, азат етилгенлер арасында Қарақалпақстан Республикасында жасайтуғын 24 пуқара да болған. Олар карантин тәртип-қағыйдаларына толық әмел етилген ҳалда Бухара ўәлаятының Олот районындағы бажыхана шегаралық посты арқалы Өзбекстан аймағына киргизилип, Ташкент ўәлаятындағы Жоқары Шыршық районында жайласқан 14 күнлик арнаўлы карантинде сақлаў орнына орналастырылған. Олар арасында Қарақалпақстан Республикасында жасайтуғын 2 пуқара ҳәм Хорезм ўәлаятында жасайтуғын 3 пуқара Өзбекстан Республикасы аймағында излеўде болған. 2 пуқара арнаўлы конвой автомашинасы арқалы жасаў орны – Қарақалпақстан Республикасына жиберилген. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
27-февраль күни айрым жерлерге қар жаўыўы мүмкин – «Қарақалпақгидромет» хабары26-фев, 2021 жыл.
129
0
Хош хабар! Қарақалпақстанлы боксшы Мәдияр Дәнияров халықаралық турнирдиң алтын медалын жеңип алды26-фев, 2021 жыл.
92
0
Қыпшақ, Жумыртаў ҳәм Төрткүл понтон көпирлери арқалы ҳәрекетлениў ўақытша тоқтатылды26-фев, 2021 жыл.
71
0
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
1290
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
204
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир велосипедке уқсайды. Оның педалын айландырыўдан тоқтасаңыз жығыласыз
Клаудио Пепер
|