Мийнет мигрантларына ажыратылатуғын турақ жайлардың дәслепки баҳалары мәлим болды. Жай алыў ушын қай жерге мүрәжат етиў керек?![]() Президентимиздиң 2019-жыл 20-августтағы «Сырт елде ўақытша мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасының пуқаралары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында быйылғы 2020-жылда Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет мигрантларына көп квартиралы турақ жайлардан улыўма 210 турақ жай ажыратыў белгиленген еди. Мийнет мигрантларына кредитке берилетуғын турақ жайлардың болжаўлы баҳалары (аймақларға қарай парқланыўы мүмкин) жәрияланды. Яғный: - 2 бөлмели турақ жай 160 миллион сум; - 3 бөлмели турақ жай 190 миллион сум. Дәслепки төлем 10% ти қурайды. Кредит проценти – 3 жылға шекем 7%, 4-жыл 8%, 5-жыл 9%, 5-жылдан кейин Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасынан келип шығып белгиленеди. Кредит мүддети – 20 жыл. Усы турақ жайларға ийе болыў ушын дәслеп Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң аймақлық филиалларына мүрәжат етиў талап етиледи. Сырт еллерде нызамлы тийкарда жумыс ислеп атырған мигранттың атынан оның шаңарақ ағзалары (ата-анасы, әжапа-қарындасы, аға-иниси, өмирлик жолдасы, перзентлери) арза бериўине болады. Агентлик филиаллары тәрепинен Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 29-январьдағы 39-санлы қарары тийкарында тастыйықланған Уставқа муўапық, жеңилликли түрде турақ жай алыў ушын мийнет мигранты «Labormigration.uz» бағдарламалық комплексинде дизимнен өткериледи ҳәм тастыйықлаўшы ҳүжжет бериледи. Буннан соң мийнет мигранты атынан усы тастыйықлаўшы ҳүжжет тийкарында оның турақлы дизимге алынған мәнзили бойынша ўәлаят, район, қалалық комиссияларға арза бериледи. Жеңилликли түрде турақ жайға ийе болыў нийетиндеги мийнет мигрантларының атынан олардың жақын ағайин-туўысқанлары «Labormigration.uz» бағдарламалық комплексинде дизимнен өтиў ҳәм тастыйықлаўшы ҳүжжет алыў ушын Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң аймақлық филиалларына мүрәжат етиўи мүмкин. Сыртқы мийнет миграциясы агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасындағы филиалының телефон номерлери: 61 222-53-32 61 222-53-34 Қосымша мағлыўмат ушын телефон: 71 202 33 55. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
27-февраль күни айрым жерлерге қар жаўыўы мүмкин – «Қарақалпақгидромет» хабары26-фев, 2021 жыл.
129
0
Хош хабар! Қарақалпақстанлы боксшы Мәдияр Дәнияров халықаралық турнирдиң алтын медалын жеңип алды26-фев, 2021 жыл.
92
0
Қыпшақ, Жумыртаў ҳәм Төрткүл понтон көпирлери арқалы ҳәрекетлениў ўақытша тоқтатылды26-фев, 2021 жыл.
71
0
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
1290
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
204
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|