Хожелиде жүз берген ЖТҲда 88 жаслы пуқара қайтыс болды. Еки адам жарақатланды![]() Усы жылдың 25-май күни саат 13:30 ларда Хожели районы аймағынан өткен А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 795-километринде ЖТҲ жүз берди. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ ЖҲҚББ хабар берди. Хабарларға қарағанда, 1976-жылы туўылған транспорт басқарыўшысы З.К. (ер адам) «Cobalt» маркалы транспорт қуралының тезлигин нормадан асырған ҳалда басқарып баратырғанда, руль басқарыўын жоғалтыўы ақыбетинде жолдан шығып кетип, оң тәрептеги темир суў қубырына барып урылған. Ақыбетинде автомобильде болған, 1932-жылы туўылған жолаўшы У.Ю. (ҳаял адам) дене жарақатларын алып, емлеўханада қайтыс болған. Транспорт басқарыўшысы З.К. ҳәм және бир жолаўшы, 1978-жылы туўылған Ж.Г. (ҳаял адам) дене жарақатларын алып, емлеўханаға жатқарылған. Жүз берген ЖТҲ бойынша Хожели районлық ИИБ Тергеў бөлими тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
27-февраль күни айрым жерлерге қар жаўыўы мүмкин – «Қарақалпақгидромет» хабары26-фев, 2021 жыл.
129
0
Хош хабар! Қарақалпақстанлы боксшы Мәдияр Дәнияров халықаралық турнирдиң алтын медалын жеңип алды26-фев, 2021 жыл.
92
0
Қыпшақ, Жумыртаў ҳәм Төрткүл понтон көпирлери арқалы ҳәрекетлениў ўақытша тоқтатылды26-фев, 2021 жыл.
71
0
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
1290
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
204
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|