Шегиртке машқаласы: Өзбекстанның неше гектар жеринде зыянлы шегирткелер тарқалғаны мәлим болды![]() Быйылғы жылы зыянлы шегирткелердиң Өзбекстан аймағына кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде орынларда 597,9 мың гектарлық жерде химиялық ислеў бериў илажлары өткерилиўи жобаластырылған. Бул ҳаққында ӨзР Айрықша жағдайлар министрлиги хабар берди. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан бойынша 327,4 мың гектарлық жерде зыянлы шегирткелер тарқалғаны анықланған. Соннан 309,6 мың гектарлық жерде химиялық ислеў бериў жумыслары алып барылған. Соның менен бирге, жергиликли бюджеттен ажыратылған қаржылар есабынан ҳәзирги ўақытқа шекем зыянлы шегирткелерге қарсы 397 мың гектарлық майданға ислеў бериў илажларын өткериўди тәмийинлейтуғын химиялық қураллар қоры жаратылған. Бундай илажларға 500 ден аслам арнаўлы техникалар ҳәм 700 ден аслам хызметкерлер қатнаспақта. Шегирткелерге қарсы гүресиўде қоңсылас Қазақстан, Түркменстан ҳәм Қырғызстан сыяқлы еллердиң тийисли тараў қәнигелери менен тығыз байланыслар орнатылған. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
116
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
119
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
125
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Мен нақыл-мақаллардан жүдә көп нәрсени, басқаша айтқанда – анық пикирлеўди үйрендим
М. Горький
|