НМПИге 62 студент мақсетли тийкарда грантқа қабыл етиледи. Грант орынлары қайсы районлар ушын ажыратылған?![]() 2020-2021-оқыў жылында республикалық жоқары оқыў орынлары бакалавриатының күндизги билимлендириў түри бойынша мәмлекетлик буйыртпасы тийкарында оқыўға қабыллаў параметрлеринен мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде халық билимлендириў тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған аймақлар ушын мақсетли қабыллаў параметрлери тастыйықланды. Усы тийкарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир қатар күндизги бакалавриат бағдарларының қарақалпақ топарлары ушын мақсетли тийкарда улыўма 62 грант орынлары ажыратылды. Бул орынлар халық билимлендириў тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларға талап жоқары болған Мойнақ, Тахтакөпир, Төрткүл ҳәм Елликқала районларында жасайтуғын абитуриентлер ушын ажыратылған. Солай етип, быйылғы жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының төмендеги бағдарлары ушын мақсетли қабыллаўлар әмелге асырылады: 5110100 – Математика ҳәм информатика. Улыўма 18 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Төрткүл районы ушын – 5 орын; Тахтакөпир районы ушын – 2 орын; Мойнақ районы ушын – 5 орын; Елликқала районы ушын – 6 орын. 5110200 – Физика ҳәм астрономия. Улыўма 5 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Тахтакөпир районы ушын – 1 орын; Мойнақ районы ушын – 3 орын; Елликқала районы ушын – 1 орын. 5110300 – Химия. Улыўма 6 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Тахтакөпир районы ушын – 2 орын; Мойнақ районы ушын – 1 орын; Елликқала районы ушын – 3 орын. 5110400 – Биология. Улыўма 6 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Тахтакөпир районы ушын – 2 орын; Мойнақ районы ушын – 2 орын; Елликқала районы ушын – 2 орын. 5110600 – Тарийх. Улыўма 3 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Төрткүл районы ушын – 1 орын; Елликқала районы ушын – 2 орын. 5110500 – География ҳәм экономикалық билим тийкарлары. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Төрткүл районы ушын – 1 орын; Елликқала районы ушын – 1 орын. 5111600 – Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Мойнақ районы ушын – 1 орын; Елликқала районы ушын – 1 орын. 5111301 – Ана тили ҳәм әдебияты: рус тили ҳәм әдебияты. Улыўма 3 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Елликқала районы ушын – 3 орын. 5111302 – Ана тили ҳәм әдебияты: қарақалпақ тили ҳәм әдебияты. Улыўма 4 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Төрткүл районы ушын – 1 орын; Тахтакөпир районы ушын – 2 орын; Мойнақ районы ушын – 1 орын. 5111400 – Шет тили ҳәм әдебияты: инглис тили. Улыўма 11 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Төрткүл районы ушын – 3 орын; Тахтакөпир районы ушын – 2 орын; Мойнақ районы ушын – 2 орын; Елликқала районы ушын – 4 орын. 5110900 – Педагогика ҳәм психология. Улыўма 2 грант орын қарақалпақ топарлары ушын ажыратылған. Соннан: Тахтакөпир районы ушын – 1 орын; Елликқала районы ушын – 1 орын. Ислам Матеков, НМПИ баспасөз хаткери. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний базарында ҳаяллардың бирнеше мәрте сабап кетилгени бойынша қосымша мағлыўматлар мәлим етилди23-янв, 2021 жыл.
131
0
Тахтакөпирде қолайсыз ҳаўа райы себепли тутыныўшылар электр энергиясысыз қалды23-янв, 2021 жыл.
50
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|