Қазақстанда 5-июльдан баслап қатаң карантин илажлары енгизиледи![]() Қазақстанда коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайларының көбейип атырғаны себепли 5-июльдан баслап 14 күнлик карантин шеклеў илажлары енгизиледи. Еки ҳәпте даўамында ғалабалық илажлар өткериў қадаған етиледи ҳәм адамлардың ҳәрекетлениўи шекленеди. Атап айтқанда, 3 адамнан артық биргеликте көше ҳәм қыябанларда жүриўи мүмкин емес, жасы 65 тен өткенлердиң көшеге шығыўы қадаған етиледи. Гөззаллық салонлары, жабық базарлар ҳәм диний мәкемелер, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, саўда орайлары ҳәм басқа бир қатар объектлердиң жумыслары тоқтатылады. Мәмлекетлик уйымлар, мәкемелер, компания ҳәм шөлкемлерде социаллық аралық сақланыўы талап етиледи. Медициналық орайлар, дәриханалар, азық-аўқат дүканлары ҳәм ашық базарлардың жумыслары даўам етеди. Зәрүрлик болса, карантин шеклеўлери узайтылыўы ямаса еле де қатаңласыўы мүмкин. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң «Дамас»ларда 3 жолаўшыдан артық болмаўын қадағалаўы тийкарсыз – Транспорт министрлиги20-апр, 2021 жыл.
112
0
Қоңыратта жол-патруль инспекторы ҳәм пуқара арасында келип шыққан жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат берилди20-апр, 2021 жыл.
168
0
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
119
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|