Нөкисте суўға ығып баратырған еки адамның бири – 8 жаслы жас өспирим қутқарып қалынды. Екиншиси қайтыс болды![]() Кеше, 6-июль күни саат 21:00 лер шамасында 1984-жылы туўылған, Шоманай районының турғыны У.Е. ҳәм 2012-жылы туўылған, Нөкис қаласының турғыны, жас өспирим Т.Б. Нөкис қаласы «Жийдели Байсын» МПЖ аймағынан ағып өтетуғын каналдан жүзип өтпекши болғанда суўға ыға баслаған. ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы ҒХҚ ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топарының баслығы, аға лейтенант Айбек Абдирахмановтың бизге мәлим етиўинше, ўақыя орнына жақын жерде болған Айрықша жағдайлар басқармасының бөлим баслығы, подполковник Радмир Чимбергенов ҳәм усы мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Мурат Хабипов тезлик пенен оларға жәрдем бериўге ҳәрекет еткен. Нәтийжеде жас өспирим Т.Б. ығып баратырған жеринен қутқарып қалынған. Тилекке қарсы, 1984-жылы туўылған пуқара У.Е.ни қутқарып қалыўдың илажы болмаған. Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, пуқара У.Е. спиртли ишимлик тәсиринде болған. Жас өспиримди қутқарып қалғанлар оған дәрриў биринши медициналық жәрдем көрсеткен ҳәм тийисли хызметлерге хабар берген. ҚР Айрықша жағдайлар басқармасының арнаўлы қутқарыў отряды ўақыя орнына жетип барып, пуқара У.Е.ниң денесин суўдан алып шыққан. ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы пуқараларды қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етпей, спиртли ишимликлер тәсиринде, мәс ҳалында, белгиленбеген орынларда шомылыў усындай кеўилсиз жағдайларға алып келиўи мүмкинлиги ҳаққында ескертеди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
27-февраль күни айрым жерлерге қар жаўыўы мүмкин – «Қарақалпақгидромет» хабары26-фев, 2021 жыл.
129
0
Хош хабар! Қарақалпақстанлы боксшы Мәдияр Дәнияров халықаралық турнирдиң алтын медалын жеңип алды26-фев, 2021 жыл.
92
0
Қыпшақ, Жумыртаў ҳәм Төрткүл понтон көпирлери арқалы ҳәрекетлениў ўақытша тоқтатылды26-фев, 2021 жыл.
71
0
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
1290
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
204
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|