Бүгиннен баслап қосымша карантин шеклеўлери енгизилмекте![]() Халық арасында коронавирус инфекциясының тарқалыў шынжырын үзиў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында 2020-жыл 13-июльдан 2020-жыл 1-августқа шекем республикалық көлемде қосымша түрде төмендеги карантин шеклеўлери енгизилди: - шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонларының жумыслары тоқтатылады; - жергиликли (ишки) авиарейслер ҳәм темир жол қатнаўы тоқтатылады; - 65 жастан өткен адамларға «өзин-өзи жекелеў» турмыс тәризине қатаң әмел етиў және себепсиз үйден сыртқа шықпаў усыныс етилди. Сондай-ақ, усы жылдың 18-19-июль және 25-26-июль (шемби ҳәм екшемби) күнлери толық сутка даўамында республикалық көлемде ҳәрекетлениў, автотранспорт қуралларының, соның ишинде, жөнелиссиз таксилердиң ҳәрекети толық тоқтатылады. Бул шеклеў арнаўлы рухсатнамалар (стикер) тийкарында ҳәрекетленетуғын автотранспорт қуралларына және Республикалық арнаўлы комиссияның усы жылдың 8-июльдағы қарары менен тастыйықланған автотранспорт қуралларының ҳәрекетлениўине арнаўлы рухсатнамалар талап етилмейтуғын жағдайларға қолланылмайды. Усы жылдың 18-19-июль және 25-26-июль (шемби ҳәм екшемби) күнлери төмендегилер усыныс етиледи: - халыққа – «өзин-өзи жекелеў» турмыс тәризине қатаң әмел еткен ҳалда өз үйлеринен шықпаў; - мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер, хожалық бирлеспелери және басқа шөлкемлерге – хызметкерлерди жумысқа шақырмаў, жумысшылардың усы күнлери үйлеринде қалыўы ушын шараят жаратыў. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Өткен жылы Қарақалпақстанда қайсы кеселликлерден өлимшилик жағдайлары бақланған?28-янв, 2021 жыл.
0
0
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
66
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
217
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|