Россияда екинши вакцина дизимге алыныўы күтилмекте![]() Новосибирсктеги «Вектор» мәмлекетлик илимий орайында таярланып атырған Россияның коронавирусқа қарсы «Эпи ВакКорона» деп аталатуғын вакцинасы сентябрь айынық ақырында – октябрь айының басында дизимге алыныўы мүмкин. Бул ҳаққында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң Ҳүкимет ағзалары менен өткерген жыйналысында Бас министрдиң орынбасары Татьяна Голикова мәлим еткен, деп жазады «Янги Ўзбекистон» басылымы. - Сентябрь айының ақырында Россияда «Вектор» мәмлекетлик илимий орайы базасында ислеп шығарылатуғын және бир вакцинаның клиникалық сынақлары жуўмақланыўы жобаластырылған, - деп айтып өткен Голикова. – Бул вакцина өзиниң өзгешеликлеринен келип шығып «Эпи ВакКорона» деп аталған. Мен ойлайман, сентябрь айының ақыры – октябрь айының басларында бул вакцина да дизимге алынады. Бас министрдиң орынбасары клиникалық сынақлардың биринши ҳәм екинши басқышларында емленип атырғанларда белгилер бақланбағанлығы ҳаққында да еслетип өткен. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң «Дамас»ларда 3 жолаўшыдан артық болмаўын қадағалаўы тийкарсыз – Транспорт министрлиги20-апр, 2021 жыл.
112
0
Қоңыратта жол-патруль инспекторы ҳәм пуқара арасында келип шыққан жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат берилди20-апр, 2021 жыл.
168
0
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
119
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанның өмири темирге уқсайды. Оны қоллансаң жылтырайды, ал пайдаланбасаң тат басып қалады
Катон
|