2021-жылдан пуқаралардың жеңил автомобильде жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланыўына рухсат берилиўи мүмкин![]() Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жасырын экономиканы кескин қысқартыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбарында белгиленген. Қарар жойбары Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында жәрияланды. Жойбарға муўапық, 2021-жыл 1-январьдан: - Физикалық тәреплерге өзин-өзи бәнт еткен тәреплер сыпатында 5 адамнан көп болмаған орынлы (транспорт басқарыўшысын есапқа алған ҳалда) жеңил автомобиль транспортында тасыў хызметин әмелге асырыўға рухсат бериледи. Бунда өзин-өзи бәнт еткен тәреплер жеңил автомобиль транспортында жолаўшыларды тасыў хызметин мобиль қосымшалар – агрегаторлар арқалы әмелге асырғанында алынған дәраматларына социаллық салықты төлеў менен бирге физикалық тәреплерден дәрамат салығы белгиленген төлеў ставкасы бойынша алынған дәрамат суммасы 50 процентке кемейтилген ҳалда салық салынады. Жойбарды додалаў 23-октябрьге шекем даўам етеди. Бул аралықта оған өзгерис киргизилиўи ямаса бийкар етилиўи де мүмкин. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жасаў гүресиў дегени, гүресиў – жасаў
П. Бомарше
|