Кегейлиде санлы технологиялар оқыў орайы ашылды![]() Бүгин, 10-октябрь күни Кегейли районында санлы технологиялар оқыў орайы ашылды. Бул орайда районда жайласқан барлық мектеплерде 5-11-классларда билим алып атырған 9 000 нан аслам оқыўшыларды, сондай-ақ, жәмлеспеген жасларды және кәрхана, шөлкемлерде жумыс ислеп атырған хызметкерлердиң мәлимлеме-коммуникациялық тараўлар бойынша билим ҳәм көнликпелерин арттырыў жобаластырылған. Кегейли районы санлы технологиялар оқыў орайына ӨзР Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларды раўажландырыў министрлиги тәрепинен оқыў курсларын шөлкемлестириў ушын оқыў бөлмесине 11 дана, киберспорт бөлмесине 5 дана, робототехника бөлмесине 3 дана компьютер техникалары орнатылып, интернет тармағына жалғанды. Мағлыўмат ушын, министрлик тәрепинен 2019-жылда Нөкис қаласы, Мойнақ, Беруний ҳәм Қанлыкөл, 2020-жылы Елликқала, Әмиўдәрья районларында санлы технологиялар оқыў орайлары шөлкемлестирилди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Өткен жылы Қарақалпақстанда қайсы кеселликлерден өлимшилик жағдайлары бақланған?28-янв, 2021 жыл.
0
0
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
66
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
217
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|