Жыл басынан берли Қарақалпақстаннан қанша мийўе-овощ өнимлери экспорт етилгени мәлим болды![]() Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасына қараслы сыртқы экономикалық хызмет бажыхана постлары тәрепинен усы жылдың дәслепки 9 айы даўамында 243,8 миллион АҚШ доллары муғдарындағы товарлар экспорт етилген. Бул ҳаққында басқарманың баспасөз хызмети хабар берди. Химиялық санаат, фармацевтикалық өнимлер менен бирге республикамыз аймағында жетистирилген аўыл хожалығы өнимлери де аймақтың экспорт потенциалында турақлы орынға ийе тараўлардан болып есапланады. Атап айтқанда, жыл басынан берли 7 миллион АҚШ доллары муғдарындағы 14 512 тонна мийўе-овощ өнимлери тийкарынан Қазақстан, Россия, Тәжикстан ҳәм Ирак мәмлекетлерине экспорт етилди. Быйылғы жылы мийўе-овощ өнимлериниң экспорты өткен жылға салыстырғанда дерлик 2 есеге артқан. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
81
0
Таровеҳ намазларын оқыў бойынша көрсетпелер берилди. Концертлер бойынша шеклеў енгизилмекте17-апр, 2021 жыл.
153
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|