Нөкисте жүк автомобили велосипед басқарып киятырған пуқараны дүгип кетти. Пуқара қайтыс болды![]() Усы жылдың 31-октябрь күни саат 16:40 лар шамасында Нөкис қаласы «Телеорай» мәкан пуқаралар жыйыны аймағынан өтиўши ишки айланба жолының 4Р-191-автомобиль жолының 5-километринде 1996-жылы туўылған, Нөкис қаласының турғыны И.А. өз басқарыўындағы «Shacman» маркалы жүк автомобилинде жоқары тезликте киятырып усы жолдың белгиленбеген жеринен велосипедте кесип өтип атырған Нөкис қаласы турғыны, 1998-жылы туўылған Қ.С.ны дүгип кеткен. Бул ҳаққында ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз хызмети хабар берди. ![]() Жүз берген жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде пуқара Қ.С. көрсетилген биринши медициналық жәрдемге қарамастан емлеўханада өзине келместен қайтыс болған. ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баслығының биринши орынбасары Батыр Хожанов ҳәм басқарманың жол қадағалаў бөлими инспекторы Шуҳрат Кәримбаевлардың мәлим етиўинше, ўақыя жүз берген ўақытта ишки айланба жолының Өтепов көшеси менен кесилиспесиндеги светофор жасылды көрсетип турған. «Shacman» маркалы жүк автомобилиниң басқарыўшысы жасылда өтпекши болып ҳәрекетленип киятырғанда велосипед басқарып киятырған пуқара оның алдынан шыққан. ![]() «Shacman» басқарыўшысының айтыўынша, ол велосипед басқарыўшысын көрген ҳәм оны қағып кетпеўи ушын автомобильди оңға бурмақшы болған. Бирақ, оң тәрепте ишинде жолаўшылары болған «Damas» автомобили бар екенлигин көрген. Ақыбетинде жүк автомобили велосипедли пуқараны дүгип кеткен. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
266
0
«Қарақалпақгидромет» 26-февральда күтилетуғын ҳаўа райы ҳаққында мағлыўмат берди25-фев, 2021 жыл.
158
0
Еки ҳәм оннан аслам перзентлери контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли тәлим кредити бериледи25-фев, 2021 жыл.
84
0
Видео. Қарақалпақстанлы Мәдияр Дәнияров Беларусь чемпионы үстинен жеңиске еристи25-фев, 2021 жыл.
93
0
25-февраль күни Ташкенттен Қарақалпақстанға ҳәрекетленетуғын автобус рейслери бийкар етилди25-фев, 2021 жыл.
78
0
«Жас китапқумар» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында кимлер жеңимпаз болды? (толық дизим)24-фев, 2021 жыл.
174
0
Қазақстанның «ТОП-500»ликке кирген жоқары оқыў орны менен бирге ислесиў бойынша шәртнама дүзилди24-фев, 2021 жыл.
107
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
«Әлийшер Наўайының дүнья илим-пәни ҳәм мәдениятында тутқан орны» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти03-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир велосипедке уқсайды. Оның педалын айландырыўдан тоқтасаңыз жығыласыз
Клаудио Пепер
|