Халыққа алтын қуймалар сатыла басланды. Баҳалар менен танысың![]() 2-ноябрьден баслап Өзбекстан Республикасы Орайлық банки өлшемли алтын қуймаларды коммерциялық банклер арқалы сатыўға шығарды. Бул алтын қуймалар халықтың инвестициялық ҳәм топлаў имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, қымбат баҳалы металлар айланысын раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилгенлиги мәлим етилди. Алтын қуймалардың үлгилери, баҳалары ҳәм сатып алыў шақапшалары сыяқлы мағлыўматлар Орайлық банктиң веб-сайтында жәрияланды. Мағлыўматта жазылыўынша, Қарақалпақстан Республикасында алтын қуймаларды халыққа сатыў «Ҳамкорбанк»тиң Нөкис филиалында әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта алтын қуймаларды сатыў баҳасы 5 грамм ушын – 3 436 000 сум, 10 грамм – 6 623 000 сум, 20 грамм – 13 121 000 сум, 50 грамм ушын – 32 177 000 сум етип белгиленген. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
78
0
Үстиртте биринши мәрте 4300 метр тереңликтен тәбийғый газ қазып алына басланды (+видео)16-янв, 2021 жыл.
70
0
Қарақалпақстаннан сыйлықланған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери14-янв, 2021 жыл.
116
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Мийнет ҳақысын талап етип жолды тосып қойған пуқаралар қала ҳәкимлигинде жуўапкерлер менен ушырасты17-дек, 2020 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|