Мойнақта 60 орынлы мийманхана иске түсирилди. Районда әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар ҳаққында
Мойнақ районында усы күнге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январь күнги 37-санлы қарары тийкарында жәми 128 млрд. сумлық 69 инвестициялық проект иске түсирилди (соннан санаат тараўында – 28 проект, хызмет көрсетиў тараўында – 33 проект ҳәм аўыл-хожалығы тараўында – 8 проект). Бул ҳаққында «New Muynak City» каналы хабар берди.
Усы проектлердиң иске түсирилиўи нәтийжесинде жәми 413 жумыс орны шөлкемлестирилди. ![]() Атап айтқанда, аўыл хожалығы тараўында “ALLAYAR NAGIMOV JANDULLAEVICH” ЖШЖ тәрепинен шарўашылықты раўажландырыў, яғный 100 бас қарамал сатып алыў ҳәм малханга қурыў ушын АКБ «Қишлоққурилишбанк» Қоңырат филиалы тәрепинен 2,2 млрд. сум жеңилликли кредит ажыратылды. Проекттиң иске түсиўи нәтийжесинде 5 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилди. ![]() Туризм тараўын раўажландырыў, жергиликли халық ҳәм район мийманлары ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде «ABESKUN-TUR» ЖШЖ тәрепинен 60 орынлы мийманхана, дәрихана, саўда дүканы ҳәм аўқатланыў орайы комплекси шөлкемлестирилди. Нәтийжеде 10 жаңа жумыс орны жаратылды. ![]() ![]() Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
2020-жыл даўамында Қарақалпақстанда ЖТҲлар ақыбетинде неше адам қайтыс болды? Қайсы районларда ЖТҲлар көбейген?20-янв, 2021 жыл.
32
0
Өзбекстанда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў қашаннан басланатуғыны мәлим етилди20-янв, 2021 жыл.
84
0
Батыс Қазақстан арқалы суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келмекте. Ҳаўаның температурасы -15 градусқа шекем суўытады20-янв, 2021 жыл.
64
0
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
128
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|