Нөкисте математика бойынша халықаралық конференция басланды
Бүгин, 26-ноябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Бир ҳәм көп комплексли өзгериўшили функциялар теориясы» атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция басланды.
![]() Россия Илимлер Академиясы В.А.Стеклов атындағы Математика институты, Сибирь федераль университети ҳәм Өзбекстан Миллий университети менен менен биргеликте онлайн тәризде шөлкемлестирилген конференцияны институттың математиканы оқытыў методикасы кафедрасы баслығы, физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент Б.Пренов басқарып барды. Атап өтилгениндей, математика илими елимизде терең тарийхый тийкарларға ийе болып, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын әҳмийетли тараўлардың биринен есапланады. Сонлықтан да, елимизде математика 2020-жылдағы илимди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленди. Өткен дәўир ишинде математика илими ҳәм билимин жаңа сапа басқышына алып шығыўға қаратылған бир қатар системалар әмелге асырылды. 2019-жыл 9-июльда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Математиканы оқытыў ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институтының жумысларын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары және 2020-жыл 7-майда «Математика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Билимлендириўдиң барлық басқышларында математика пәнин оқытыў системасын буннан былай да жетилистириў, педагоглардың нәтийжели мийнетин қоллап-қуўатлаў, илимий-изертлеў жумысларының көлемин кеңейтиў ҳәм әмелий әҳмийетин арттырыў, халықаралық жәмийетшилик пенен байланысларды беккемлеў мәмлекетимизде илимди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларының бирине айланды. ![]() ![]() Конференцияның ашылыў пленарлық мәжилисинде академик, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының В.И.Романовский атындағы Математика институты директоры, сенатор Шавкат Аюпов, академик, Өзбекстан Миллий университети кафедра баслығы Азимбой Саъдуллаев, сондай-ақ, Сибирь федерал университети ҳәм республикамыздағы көплеген жоқары оқыў орынлары, илимий-изертлеў орайлары профессорлары, илимий излениўшилер тараўға байланыслы баянатлары менен қатнасты. Конференция 28-ноябрьге шекем даўам етеди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
2020-жыл даўамында Қарақалпақстанда ЖТҲлар ақыбетинде неше адам қайтыс болды? Қайсы районларда ЖТҲлар көбейген?20-янв, 2021 жыл.
32
0
Өзбекстанда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў қашаннан басланатуғыны мәлим етилди20-янв, 2021 жыл.
84
0
Батыс Қазақстан арқалы суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келмекте. Ҳаўаның температурасы -15 градусқа шекем суўытады20-янв, 2021 жыл.
64
0
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
128
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|