«Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабы баспадан шығыў алдында![]() Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ арнаўлы қарары тийкарында белгили илимпазлар М.Даўлетов ҳәм Ш.Абдиназимовлардың авторлығындағы «Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабы басып шығарылады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар бермекте. Тил – миллеттиң бийбаҳа байлығы. Оның өзлигин көрсететуғын, миллийлигин, тарийхын, мәдениятын, руўхый дүньясын сәўлелендиретуғын қуралы. Оны қәстерлеп-абайлаў – ҳәр бир инсанның миннети. Тилекке қарсы, бүгинги технологиялар раўажланған дәўирде көпшилик заманласларымыз, әсиресе жасларымыз арасында бул мәселеге немқурайдылық пенен қараў жағдайлары ушыраспақта. Күнделикли турмыста болатуғын электрон қурылмалар арқалы өза-ара жазылымларда ғана емес, ал, айырым мәмлекетлик мәкемелердиң рәсмий мүрәжатларында да тил нормаларының қопал түрде бузылып атырғанлығының гүўасы болып атырмыз. «Qaraqalpaq tiliniń orfografiyalıq sózligi» китабыныӊ басып шығарылыўы мине, усындай қәте-кемшиликлерди сапластырыўға, келешекте тилимиздиң тазалығын, оның дурыс қолланылыўын тәмийинлеўге, халқымыз арасында ана тилимизге болған итибарды және де күшейтиўге, жаслардың билим ҳәм саўатлылығын арттырыўға хызмет етеди. Қарар тийкарында бул китап 4000 нусқада баспадан шығарылып, республикамыздағы мәлимлеме-китапхана орайларына, улыўма орта билим бериў мектеплерине, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына тарқатылыўы белгиленген. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
2020-жыл даўамында Қарақалпақстанда ЖТҲлар ақыбетинде неше адам қайтыс болды? Қайсы районларда ЖТҲлар көбейген?20-янв, 2021 жыл.
32
0
Өзбекстанда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў қашаннан басланатуғыны мәлим етилди20-янв, 2021 жыл.
84
0
Батыс Қазақстан арқалы суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келмекте. Ҳаўаның температурасы -15 градусқа шекем суўытады20-янв, 2021 жыл.
64
0
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
128
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Инсанды билиў ушын оны жақсы көриў керек
Л. Фейербах
|