Қоңыратта адам өлими менен байланыслы жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди![]() Усы жылдың 27-ноябрь күни саат 01:45 лер шамасында Шоманай районы турғыны 1991-жылы туўылған С.Б. өз басқарыўындағы, мәмлекетлик белгиси 95 Y 308 HA болған «Nexia» маркалы автомобилинде Қоңырат районы аймағынан өтиўши 4Р-173 «Қоңырат-Мойнақ» жолының 4-5-километри аралығында усы жолдан кесип өтип атырған пуқара Қ.Ж.ны дүгип кеткен. Бул ҳаққында ҚР ИИМ ЖҲҚБ баспасөз хызмети хабар берди. ![]() Ўақыя ақыбетинде пуқара Қ.Ж. алған дене жарақатлары себепли емлеўханада өзине келместен қайтыс болған. Қоңырат районлық ИИБ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлимшеси баслығы Б.Бекмуратовтың мәлим етиўинше, пуқараның автомобиль жолының белгиленбеген жеринен кесип өтиўи, мәс ҳалында автомобиль жолында ҳәрекетлениўи ҳәм автомобильдиң белгиленген тезликтен артық ҳәрекетлениўи усы жол-транспорт ҳәдийсесиниң баслы себеплери болып табылады. Районлық ИИБ жанындағы тергеў бөлимшеси тергеўшиси Қ.Садықовтың мағлыўмат бериўинше, жүз берген ҳәдийсе бойынша ҳәзирги ўақытта ӨзР Жынаят кодексиниң 266-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси ашылған болып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
2020-жыл даўамында Қарақалпақстанда ЖТҲлар ақыбетинде неше адам қайтыс болды? Қайсы районларда ЖТҲлар көбейген?20-янв, 2021 жыл.
32
0
Өзбекстанда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў қашаннан басланатуғыны мәлим етилди20-янв, 2021 жыл.
84
0
Батыс Қазақстан арқалы суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келмекте. Ҳаўаның температурасы -15 градусқа шекем суўытады20-янв, 2021 жыл.
64
0
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
128
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жасаў гүресиў дегени, гүресиў – жасаў
П. Бомарше
|