Декабрь айында ҳаўа райы қандай болады? Синоптиклер хабар береди![]() Дәслепки баҳалаўларға қарағанда, быйылғы декабрьдиң температуралық көрсеткишлери орташа көп жыллық нормаларға жақын болыўы күтилмекте. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди. Ай даўамында Өзбекстан көлеминде температураның түнде 0-5 градус суўықтан 2-7 градус жыллыға шекем, күндиз 0-5 градус жыллыдан 10-15 градус жыллыға шекем өзгерип турыўы күтилмекте. Қарақалпақстан аймағында түнде 8-10 градус суўық болыўы мүмкин. Айдың екинши ярымында болса 12-15 градус суўық болыўы күтиледи. Декабрьде жаўын-шашын жаўын ямаса қар көринисинде болады. Өзбекстан бойынша жаўын-шашынлы күнлер орташа 5 күннен 13 күнге шекем болыўы мүмкин. Бир суткада максимал жаўын-шашын муғдары суткалық нормадан бир қанша көп болыўы мүмкин. Қарақалпақстанда суткалық жаўын-шашын муғдары нормадан бир қанша төмен болыўы күтилмекте. Жаўын-шашын ай даўамында ўақты-ўақты менен бақланады. Ислам Матеков. Автордың түсирген фотосы. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
2020-жыл даўамында Қарақалпақстанда ЖТҲлар ақыбетинде неше адам қайтыс болды? Қайсы районларда ЖТҲлар көбейген?20-янв, 2021 жыл.
32
0
Өзбекстанда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў қашаннан басланатуғыны мәлим етилди20-янв, 2021 жыл.
84
0
Батыс Қазақстан арқалы суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келмекте. Ҳаўаның температурасы -15 градусқа шекем суўытады20-янв, 2021 жыл.
64
0
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
128
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|