«Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди![]() Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумы тәрепинен «Қарақалпақ тилиниң мәмлекетлик тил сыпатындағы абырайын ҳәм орнын және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди. Мине, усы қарар тийкарында Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментин шөлкемлестириў, «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шығыў, илимий тийкарланған жаңа сөз ҳәм атамаларды рәсмий айланысқа енгизиў бойынша Атамалар комиссиясын шөлкемлестириў, мәмлекетлик тилди раўажландырыў бойынша бағдарламалар ҳәм «Жол карта»ларын ислеп шығыў, «Қарақалпақ тили байрамы күни»н белгилеў бойынша жумысларды муўапықластырыў, сондай-ақ, 2021-2030-жылларда қарақалпақ тилин раўажландырыў және тил сиясатын жетилистириў концепциясы ҳәм мәмлекетлик бағдарламасын ислеп шығыў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды. Бул ийгиликли жумыслар ҳәзирги глобалласыў ҳәм информация дәўиринде ана тилимизди таза сақлаў ҳәм оны келешек әўладқа сап ҳалында жеткериўде үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
50
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
204
0
Нөкисте ҳаял адам процентке алған ақшасын қайтарып бере алмай жынаятқа қол урды26-янв, 2021 жыл.
238
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Өмир велосипедке уқсайды. Оның педалын айландырыўдан тоқтасаңыз жығыласыз
Клаудио Пепер
|