Түркия университетлеринде қарақалпақ тили үйренилмекте![]() 1-декабрь – Қарақалпақ тили байрамы күни. Сәне мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректораты онлайн дөгерек сәўбетин шөлкемлестирди. Оған Түркия мәмлекетиндеги бир неше университетлердиң тюркология бойынша қәниге илимпазлары мирәт етилди. Бул ҳаққында «Ишонч» газетасының хабаршысы Е.Қанаатов хабар берди. Түркия университетлеринде түркий тиллер қатарында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, фольклоры да үйрениледи. Эгей университети профессоры, доктор Мустафа Онер, Фират университети профессоры, доктор Ержан Алкая, Памуккала университети докторанты Шейма Гурлайан Түркиядағы университетлерде қарақалпақ тилин үйрениў мәселелери бойынша қызықлы баянатлары менен қатнасты. Дөгерек сәўбети қарақалпақ тилинде өткерилди. - Түркиялы көплеген туўысқан халықтың қарақалпақ тилине қызығыўшылығы жоқары екенлиги усы илажға қатнасқан 30 дан аслам түркиялы студентлердиң пикирлеринен мәлим болды, - дейди илаж шөлкемлестириўшиси, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты өзбек тили кафедрасының баслығы, доцент Шаҳло Юлдашева. – Бундай қатнасты өткен жылы Түркияның Анкара университетинде болып өткен тәжирийбе алмасыў процесинде де көрген едик. Атап өтиў орын, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Түркияның Анкара, Стамбул, Эгей, Фират сыяқлы бир неше университетлери менен бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойған. Оларда тийкарынан студентлер ҳәм педагог-илимпазлардың тәжирийбе алмасыў бағдарламалары нәзерде тутылған. Түркия университетлеринде қарақалпақ тилиниң үйренилиўи бойынша профессор, доктор Ержан Алкая былай дейди: - Мен Фират университетинде ноғай, қарақалпақ тиллеринен сабақ өтемен. Биз қарақалпақ тилин тийкарынан китаплар арқалы үйренемиз. Студентлер арасында қарақалпақ тилин үйрениўге болған қызығыўшылық жоқары. Бүгинги илажда усы тилдиң ўәкиллери менен сәўбетлескенимизден оғада қуўанышлымыз. Қарақалпақшалаған: Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
2020-жыл даўамында Қарақалпақстанда ЖТҲлар ақыбетинде неше адам қайтыс болды? Қайсы районларда ЖТҲлар көбейген?20-янв, 2021 жыл.
32
0
Өзбекстанда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў қашаннан басланатуғыны мәлим етилди20-янв, 2021 жыл.
84
0
Батыс Қазақстан арқалы суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келмекте. Ҳаўаның температурасы -15 градусқа шекем суўытады20-янв, 2021 жыл.
64
0
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
128
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәр бир адам – бир китап, ҳәмме гәп оны оқый алыўда
У Шеннинг
|