Қарақалпақстанда насос станциялары ҳәм ирригациялық системалар каналларын жеке меншик секторға бериў бойынша жойбарлар әмелге асырылады![]() «Қарақалпақстан Республикасында суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша кешиктириўге болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди. Қарарға муўапық, 2021-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасында республикалық бюджет қаржылары есабынан улыўмалық баҳасы 480 380,1 млн сумды қурайтуғын ирригациялық ҳәм мелиорациялық объектлерди қурыў, реконструкциялаў және мелиорациялық объектлерди оңлаў ҳәм қайта тиклеў жумыслары жойбарларының әмелге асырылыўы жобаластырылған болып, соннан: - ирригациялық объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаўға – 232 852,1 млн сум; - мелиорациялық объектлерди қурыў ҳәм реконструкциялаўға – 115 652,0 млн сум; - мелиорациялық объектлерди системалы оңлаў-қайта тиклеў жумысларына – 131 876,0 млн сум ажыратылған. Сондай-ақ, белгиленген жылларда Қарақалпақстан Республикасында: - 272 насос станцияларында электр энергиясынан пайдаланыўды санлы технологиялар жәрдеминде улыўма 818 электр энергиясын есаплаў ҳәм суў өлшеў қурылмалары орнатылып, «онлайн» режимде қадағалаў; - насос станциялары ҳәм ирригациялық системалар каналларын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында жеке меншик секторға бериў бойынша 31 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
50
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
204
0
Нөкисте ҳаял адам процентке алған ақшасын қайтарып бере алмай жынаятқа қол урды26-янв, 2021 жыл.
238
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|