«Арал» футбол клубы 2021-жылдан баслап суперлигада ойнайды![]() ӨзР Министрлер Кабинетиниң «Қарақалпақстан Республикасында профессионал футболды раўажландырыў, «Арал» футбол командасын қоллап-қуўатлаў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў және кадрлар потенциалын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары жәрияланды. Бул ҳаққында «Чемпионат Азия» басылымы хабар бермекте. Усы тийкарда, 2021-жылдан баслап «Арал» футбол командасының суперлигада алдынғысынан өзгеше тәризде қатнасыўы белгиленди. Хабарда жазылыўынша, келеси жылы Суперлигада 14 емес, 16 клуб қатнасады. Ҳәзирше бул бойынша ӨФА ҳәм ПФЛ рәсмий хабар жәрияламады. Мағлыўмат ушын, «Арал» клубы быйыл Биринши лигада ойнады ҳәм ПФЛ келеси жылы бул команданы алдынғысынан өзгеше тәризде Пролигада ойнатыўға тайын екенлигин билдирген еди. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
50
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
204
0
Нөкисте ҳаял адам процентке алған ақшасын қайтарып бере алмай жынаятқа қол урды26-янв, 2021 жыл.
238
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Мен нақыл-мақаллардан жүдә көп нәрсени, басқаша айтқанда – анық пикирлеўди үйрендим
М. Горький
|