Жеңил атлетика бойынша «Универсиада-2020» финал жарысында Қарақалпақстан командасы 14 медальды қолға киргизди![]() Усы жылдың 5-9-декабрь күнлери аралығында Ташкент ўәлаятының Шыршық қаласында жоқары оқыў орынлары студентлери арасында «Универсиада-2020» спорт жарысларының жеңил атлетика бойынша финал басқышы болып өтти. Жарыста Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы 6 гүмис ҳәм 8 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 5-орынды бәнтледи. Сыйлы орынларды ийелеген студентлер Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери есапланады. Атап айтқанда: 400 метрге жуўырыў бойынша ерлер арасында Азиз Қулжанов (НМПИ), ҳаял-қызлар арасында Рано Жамғырбаева (НМПИ) 2-орын; 4х200 метрге эстафеталық жуўырыў бойынша ерлер арасында Қожагелди Садўақасов (ҚМУ), Атабек Сабиров (НМПИ), Атабек Узақбаев (ҚМУ), Азиз Қулжанов (НМПИ) 2-орын, ал ҳаял-қызлар арасында Рано Жамғырбаева (НМПИ), Қундызхан Қудайбергенова (НМПИ), Оғулгерак Шамуратова (НМПИ), Муниса Октяброва (НМПИ) 3-орын; 4х400 метрге эстафеталық жуўырыў бойынша Рано Жамғырбаева (НМПИ), Гулноза Қудайбергенова (НМПИ), Мафтуна Абабекова (ҚМУ), Муниса Октяброва (НМПИ) 3-орынды ийеледи. ![]() «Универсиада-2020» жарысларында жақсы нәтийжелерди қолға киргизген команда ағзалары салтанатлы түрде күтип алынды. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
50
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
204
0
Нөкисте ҳаял адам процентке алған ақшасын қайтарып бере алмай жынаятқа қол урды26-янв, 2021 жыл.
238
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|