«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы кубогы «Үстирт жулдызлары» командасына тапсырылды
Алдын хабар бергенимиздей, Өзбекстан Респуликасы Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы шөлкемлестириўинде бүгин, 12-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасындағы қуўнақ ҳәм зийрек жаслар арасында «Қуўнақ жаслар» таӊлаўы өткерилди.
Басқарма рәсмий каналында жәрияланған хабарға қарағанда, таӊлаўда жәми 7 команда қатнасыўшылары 3 шәрт бойынша, яғный Сәлемнама - «Сәлем, Биз және сахнадамыз!», «Биатлон» ҳәм еркин тема - «Ўақыя былай болған еди…» шәртлери тийкарында өз-ара жарысты. Таӊлаў жуўмағында, «Үстирт жулдызлары» командасы 1-орынды ийелеп диплом ҳәм арнаўлы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таӊлаўы кубогы және қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады. Сыйлы 2-орынға «Туран» командасы, ал 3-орынға «Хожели жаслары» командасы ылайық деп табылып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Таӊлаўға белсене қатнасқан командалар ҳәм номинациялар тийкарында команда ағзаларына ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғалары берилди. ![]() ![]() ![]() ![]() Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
50
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
204
0
Нөкисте ҳаял адам процентке алған ақшасын қайтарып бере алмай жынаятқа қол урды26-янв, 2021 жыл.
238
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Мен нақыл-мақаллардан жүдә көп нәрсени, басқаша айтқанда – анық пикирлеўди үйрендим
М. Горький
|