Кегейли районы ҳәкими өзгерди![]() Усы жылдыӊ 15-декабрь күни халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезексиз он сегизинши сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди. Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм шығып сөйледи. Сессияда усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министриниӊ орынбасары лаўазымында ислеп келген Утемуратов Даўлетбай Минажович Кегейли районы ҳәкими лаўазымына тайынланды. Д.Утемуратов усы жылдың апрель айына шекем Қараөзек районы ҳәкими лаўазымында ислеген еди. Еслетип өтемиз, 2020-жылдың ярварь айынан усы күнге шекем Муратбай Абдиров Кегейли районы ҳәкими болып ислеп келди. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
50
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
204
0
Нөкисте ҳаял адам процентке алған ақшасын қайтарып бере алмай жынаятқа қол урды26-янв, 2021 жыл.
238
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жасаў гүресиў дегени, гүресиў – жасаў
П. Бомарше
|