Нөкисте ер адам ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысына шыққаны мәлим болды![]() «Kun.uz» сайтының ҳуқық қорғаў уйымлары хабарына тийкарланып мәлим етиўинше, Ташкент педиатриялық медицина институтының Нөкис филиалы жанындағы академиялық лицейде 2019-жылға шекем бас есапшы болып ислеген ер адам көп муғдардағы пулларды өзлестирген. Атап айтқанда, ол 2017-жылдың 5 айы даўамында мийнет дем алысына шыққан. Сондай-ақ, ол 2018-жылы 3 ай даўамында ер адам болса да ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысына шыққан. Ер адам усы ҳәм усы сыяқлы талан-таражлықларды әмелге асырған ҳалда 122 миллион 801 мың сумды «жеп қойған». Жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылған. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
2020-жыл даўамында Қарақалпақстанда ЖТҲлар ақыбетинде неше адам қайтыс болды? Қайсы районларда ЖТҲлар көбейген?20-янв, 2021 жыл.
32
0
Өзбекстанда халықты коронавирусқа қарсы шаншыў қашаннан басланатуғыны мәлим етилди20-янв, 2021 жыл.
84
0
Батыс Қазақстан арқалы суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келмекте. Ҳаўаның температурасы -15 градусқа шекем суўытады20-янв, 2021 жыл.
64
0
70 миллион доза: Өзбекстан қайсы мәмлекеттиң вакцинасына буйыртпа бергенлиги мәлим болды16-янв, 2021 жыл.
128
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Еӊ қорқынышлы қәте – бул алдыӊғы қәтелерди дурысламаў
|