Хожелиде пуқараның үйинде өрт келип шықты. Кишкене балалар қайтыс болды![]() Усы жылдың 15-декабрь күни саат 22:22 де Хожели районы «Мәденият» АПЖ П.Китаев көшеси 4-жайда жасайтуғын, 1983-жылы туўылған пуқара Ш.А.ның үйинде өрт келип шыққан. ҚР Айрықша жағдайлар басқармасының ғалаба хабар қураллары хабар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиў топарының бизге мәлим етиўинше, өрт ақыбетинде турақ жайдың 150 квадрат метр майдандағы төбеси ҳәм үй буйымлары өртенген. Өрт жүз берген орынға 5 өртке қарсы экипаж ҳәм районлық абаданластырыў басқармасынан суў тасыўға қәнигелескен 2 автомобиль саат 22:28 де жетип барған. Турақ жайдың 80 квадрат метрлик майданы өрттен сақлап қалынған. Өрт өшириў ўақтында 2018-жылы туўылған А.Ж.ның өрттен күйген ҳалдағы өли денеси табылған. 2015-жылы туўылған У.Ж. ҳәм 2016-жылы туўылған Ж.Ж.лар Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен емлеўханаға жиберилген. Мағлыўматларға қарағанда, 2015-жылы туўылған У.Ж. ҳәм 2016-жылы туўылған Ж.Ж.лар да қайтыс болған. Ҳәзирги ўақытта өрттиң келип шығыў себепли анықластырылмақта. ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы пуқаралардан өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиўди, әсиресе, ержетпеген, кишкене балаларды үйлеринде жалғыз, қараўсыз қалдырмаўды сорайды. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң «Дамас»ларда 3 жолаўшыдан артық болмаўын қадағалаўы тийкарсыз – Транспорт министрлиги20-апр, 2021 жыл.
112
0
Қоңыратта жол-патруль инспекторы ҳәм пуқара арасында келип шыққан жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат берилди20-апр, 2021 жыл.
168
0
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
119
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәр бир адам – бир китап, ҳәмме гәп оны оқый алыўда
У Шеннинг
|