Хош хабар! Баскетбол бойынша Қарақалпақстан сайланды командасы «Универсиада-2020» спорт жарысларының финал басқышында 1-орынды ийеледи![]() Усы жылдың 21-24-декабрь күнлери аралығында Бухара ўәлаятында «Универсиада-2020» спорт жарысларының баскетбол бойынша ҳаял-қызлар сайланды командалары арасында финал жарыслары болып өтетуғынлығы ҳаққында хабар берген едик. Финал жарысларына регионаллық басқышларда жеңимпаз болған Ташкент, Ферғана ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларының сайланды командалары менен бирге Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы да қатнасты. Республикамыз сайланды команда ағзалары тийкарынан Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент қызларынан ибарат болды. Дәслепки ойында Ташкент ўәлаяты командасын 71:48 есабында, кейинги ойынларда болса Ферғана ўәлаяты командасын 68:48 ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты командасын 77:21 есабында жеңип шыққан жерлеслеримиз «Универсиада-2020» финал жарысларының жеңимпазы болып, 1-орынды қолға киргизди. Бул жеңис Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гимниң қабыл етилген күни байрамына қызларымыздың мүнәсип саўғасы болды. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
50
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
204
0
Нөкисте ҳаял адам процентке алған ақшасын қайтарып бере алмай жынаятқа қол урды26-янв, 2021 жыл.
238
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жасаў гүресиў дегени, гүресиў – жасаў
П. Бомарше
|