Қараөзекте жылына 1 миллион 200 мың тонна цемент ислеп шығаратуғын завод қурыў бойынша меморандумға қол қойылды
Қараөзек районына хызмет сапары менен келген Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ўәкиллери, мәмлекетимиздиң сырт еллердеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшилери, дипломатиялық ўәкилханалары басшылары, халықаралық шөлкемлер ўәкиллеринен ибарат делегация ағзалары районға келип, район ҳəкими, тийисли тараў басшылары ҳəм исбилерменлер менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
![]() Ушырасыўдың тийкарғы мақсети, районда жаңа жойбарларды әмелге асырыўда бирге ислесиў ушын сырт ел инвесторларын табыў ҳәм ислеп шығарылып атырған өнимлерди экспорт етиў ушын шет мәмлекетлерден қарыйдар табыўда әмелий жәрдем көрсетиў болып табылады. ![]() Өзбекстан Республикасының Бельгия мәмлекетиндеги елшисиниң әмелий жәрдеми менен Нидерландия мәмлекетиниң «Arona International B.V» компаниясының ўәкили Дедамирзаев Темур Тургунполатович ҳәм Қараөзек районы ҳәкимилиги арасында жыллық қуўатлылығы 1 миллион 200 мың тонна муғдарында цемент ислеп шығарыў заводын қурыў бойынша меморандумға қойыл қойылды. Сондай-ақ усы күни делегация ағзалары районлық бирлескен емлеўханаға медициналық буйымларды тапсырды. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң «Дамас»ларда 3 жолаўшыдан артық болмаўын қадағалаўы тийкарсыз – Транспорт министрлиги20-апр, 2021 жыл.
112
0
Қоңыратта жол-патруль инспекторы ҳәм пуқара арасында келип шыққан жәнжел бойынша рәсмий мағлыўмат берилди20-апр, 2021 жыл.
168
0
Беруний жерленген орынның топырағы Аўғанстаннан Қарақалпақстанға қалай алып келинген?19-апр, 2021 жыл.
119
0
Медициналық нықаплар қатламлары арасында ҳәрекетленип атырған «жәнликлер» бойынша тарқалған көринислерге анықлық киргизилди31-мар, 2021 жыл.
Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының Нөкис филиалы шөлкемлестирилмекте. Оған неше студент қабылланыўы жобаластырылған?29-мар, 2021 жыл.
«Тахтакөпир» атамасына тийкар болған 117 жыллық тарийхқа ийе көпир ҳаққында билесиз бе?23-мар, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жақсылық – көп болса да зыян келтирмейтуғын пазыйлет
Ж. Голсуорси
|