Мектеп муғаллимлери жолларда мәжбүрий нәўбетшилик етиўге мәжбүр ме? Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы жуўап берди![]() Социаллық тармақларда «Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласындағы мектеп муғаллимлери жолларда мәжбүрий түрде нәўбетшилик етип атыр. Алдын нәўбетши муғаллимлерди машиналар жеңил түрде дүгип өтип, емлеўханада емленип шыққан. Айрым транспорт басқарыўшылар нәўбетши муғаллимлерди сөгип, мазақлап өтеди. Бул ЖПХның ўазыйпасы емес пе?» мазмунындағы видео жәрияланған еди. ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз топары усы видео бойынша төмендегилерди мәлим етти. Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў, сондай-ақ ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде ҳәр күни хызметкерлер хызмет орынларына бириктириледи. Пуқараларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеў менен бир қатарда, өсип киятырған жас әўладтың да кәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Мектеп оқыўшыларын азанда ҳәм түски ўақытлары мектеп әтирапындағы пиядалар өтиў орынларынан қәўипсиз өткериў мақсетинде ЖПХ инспекторлары бириктирилип, ҳызметкерлер өз ўазыйпасын ҳәр күни атқарып келмекте, ал басқа ўақытлары Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, сондай-ақ, барлық мектеп директорларының усыныслары менен «Мектеп нәўбетшилери» шөлкемлестирилген. Мектеп нәўбетшилериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде нур қаўтарыўшы жилетлер ҳәм байрақшалар тарқатылған. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Ҳәрдайым излениң. Бүгин алтын излесеңиз мыс табасыз. Ертең мыс излесеңиз алтынға ерисесиз
|