Қарақалпақстанға Кавказ аймақларынан салқын ҳәм бираз ығал ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. Ҳәптелик ҳаўа райы![]() «Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, ертең, 12-январь күни Өзбекстан аймақларының көпшилик бөлегинде қурғақ ҳәм жыллы ҳаўа райы бақланыўы күтилмекте, сондай-ақ, айрым орынларда самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 2 градус суўық – 3 градус жыллы, күндиз 5-10 градус жыллы болыўы күтиледи. Қарақалпақстан аймағына Кавказ аймақларынан салқын ҳәм бираз ығал ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. Қарақалпақстанның айрым жерлеринде бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. 13-январьда ҳаўа массаларының кирип келиў фронты Өзбекстанның шығыс аймақларына қарай жылжыйды. Республиканың басқа аймақларында жаўын-шашын бақланбайды. Ҳаўаның температурасы түнде 2 градус суўық – 3 градус жыллы, күндиз 3-8 градус жыллы болады. 14-январьда Өзбекстан бойлап ҳаўа райы жаўын-шашынларсыз өтеди. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўыққа түседи, күндиз болса көтериледи ҳәм 5-10 градус жыллы дөгерегинде болады. 15-январьда республика бойлап Ираннан жыллы ҳаўа массалары кирип келе баслайды, Өзбекстанда қурғақ ҳаўа райы болыўы күтилмекте ҳәм ҳаўаның температурасы түнде 2-5 градусқа шекем жыллы, айрым орынларда болса суўық күшли болатуғын аймақларда 0-2 градус суўық, күндиз 10-15 градус жыллыға шекем көтериледи, бул нормадан 5-7 градусқа жоқары болып табылады. Мийнет ҳәптеси даўамында айрым жерлерге думан түседи. Ислам Матеков. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
Қоңыратта жаңа мешит жумыс баслады – Қарақалпақстандағы мешитлер саны елиў үшке жетти27-янв, 2021 жыл.
50
0
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды26-янв, 2021 жыл.
204
0
Нөкисте ҳаял адам процентке алған ақшасын қайтарып бере алмай жынаятқа қол урды26-янв, 2021 жыл.
238
0
Илимий жумысларының нәтийжелери Кембриджде сақланатуғын, Президент тәрепинен турақ жай саўға етилген қарақалпақстанлы илимпаз ҳаққында06-янв, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Гөззаллық – бул қысқа мүддет ишинде ҳүкимранлық ететуғын малика
Сократ
|