Үстиртте илҳам қусын ушырған жазыўшының жаңа китабы баспадан шықты![]() Үстиртте илҳам қусын ушырған жазыўшы Өмирбай Өтеўлиевтиң «Қорқыт атаның желқобызы» атлы китабы тематикалық өзгешелиги менен ажыралып, оқыўшысын зериктирмей, өзине үйирип әкетеди, деген ойдамыз. Ҳәр қашанғыдай үлкемиздиң тәбияты, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньялары, Арал машқалаларын шығармаларына өзек етип, жанлы образлар арқалы жаратқан, деп жазбақта Қарақалпақстан хабар агентлиги. Өткен әсирлерде жасап өткен, түркий тиллес халықлардың орталық жыраўы Қорқыт атаның желқобызын бүгинги заманласларымызға тыңлатқысы келеди. Үстиртте жасап өткен Халмурат шопанның айтқан қысқа ўақыялары бири-биринен қызықлы. «Бас қатты ма, тас қатты ма?»ға салып, Ўатан гедайысы болған Абдулла (Андрей) немистиң ҳүждан азапларын бәршеге сабақ етип, өз елиңди сүйип жасаўға ҳәм садық қалыўға шақырады. Китап «Qaraqalpaqstan» баспасында 2500 нусқада сапалы етип басып шығарылған. Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz |
|
![]() Жаңалықлар
Соңғы жаңалықлар
Көп оқылғанлар
Пикир
«Айырықша» баҳаларға оқып атырған социаллық қорғаўға мүтәж студент қызларға арнаўлы стипендия енгизиледи03-мар, 2021 жыл.
10
0
Ең жоқары балл топлаған абитуриентлер жоқары оқыў орынларында «Президент гранты стипендиясы» тийкарында оқыйды03-мар, 2021 жыл.
17
0
Студентке шаңарағының наўқас ағзасына ғамқорлық етиў ушын да академиялық дем алыс берилиўи мүмкин болады03-мар, 2021 жыл.
26
0
Қарақалпақстанда 60 мыңнан аслам муғаллим ҳәм тәрбияшылар бийпул өткерилетуғын медициналық тексериўге пул төлеген03-мар, 2021 жыл.
74
0
Коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында адамларға вакцинаны сайлаў имканияты бериле ме?03-мар, 2021 жыл.
50
0
Жынаят, экономикалық ҳәм пуқаралық судлары бирлестирилип, Қарақалпақстан Республикасы суды шөлкемлестирилди ҳәм оның баслығы сайланды13-фев, 2021 жыл.
Ташкентте қәрежетсиз ҳәм баспанасыз қалған кегейлиши пуқара ҳаққындағы хабарларға район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети билдириў жәриялады25-фев, 2021 жыл.
Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди13-фев, 2021 жыл.
Социалық тармақларда
![]() ![]() ![]() ![]() ![]()
Афоризм
Жүз – кеўилдиң айнасы
М. Горький
|